Өзбекстан ҳәм Корея арасындағы мәмлекетлераралық сиясий, саўда экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў, «халық дипломатиясы» жолындағы байланысларды тереңлестириўге қаратылған ҳәрекетлер мәмлекетлераралық байланыслардың избе-излигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланыслардың беккемленип атырғаны нәтийжесинде кейинги бес жыл ишинде товар алмасыў еки есеге артты ҳәм 2022-жылы 2,3 миллиард долларға жетти.

Бул Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Корея Республикасының мәмлекетимиздеги жаңадан ис баслаған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ким Хи Санг ушырасыўында атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында парламентлераралық байланыслардың әмелдеги жағдайы ҳәм келешектеги раўажланыўына айрықша итибар қаратылды. Сенаттың Корея Республикасы Миллия ассамблеясы менен бирге ислесиў бойынша комиссиясы ҳәм Корея Республикасы Миллий ассамблеясы «Корея – Өзбекстан» парламентлераралық дослық ассоциациясы нәтийжели жумыс алып бармақта.

Сенат Баслығы елшини жоқары ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаға тайынланғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, Корея Республикасы Өзбекстан ушын исенимли ҳәм ўақыт сынағынан өткен турақлы шерик екенин айрықша атап өтти. Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларының жоқары дәрежесин беккемлеўде парламентлер әҳмийетли орын ийелейди. Мәмлекетлеримиз арасында ерисилген келисимлердиң әмелий орынланыўы үстинен системалы парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў бағдарында бирге ислесиўдеги нәтийжели жумысларды жоқары дәрежеде даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ким Хи Санг қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, еки мәмлекет арасында узақ жыллар даўамында дерлик барлық тараўларда қәлиплескен дослық қатнасықларының Корея Республикасы ушын оғада әҳмийетли ҳәм қәдирли екени және бундай стратегиялық шерикликти және де кеңейтиўде парламент дипломатиясы таяныш рольге ийе екенин айрықша атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында санаат тараўында, атап айтқанда, тоқымашылық санаатында өз-ара бирге ислесиў байланысларын тереңлестириў, сондай-ақ, мәмлекетлердиң халықаралық дәрежедеги басламаларын өз-ара қоллап-қуўатлаўға келисип алынды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы