Быйыл 20-февральдан 1-март күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жаслардың әскерий ўатансүйиўшилик тәрбиясына тиккелей жуўапкер болған министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен «Мәртлик мектеби» оқыў-сабақлары шөлкемлестирилди.
Ҳәр бир күни терең мазмунға ийе ҳәм мақсетли шөлкемлестирилген усы илажларда қатнасыўшылар тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўлар, елимиздиң тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумыслар туўралы көплеген мағлыўматларға ийе болды. Жаңа әскерий техникалар менен танысты.
Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы генерал-майор Фарҳоджон Шерматов пенен болған ушырасыўларда жаслар оқыў-сабақлары ҳаққындағы тәсирлерин, пикир-усынысларын билдирди.
Саркарда жасларға елимизде жаратылған имканиятлардан дурыс ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў кереклигин атап өтип, «Жулдызыңыз сөнбесин. Жулдыз – бул не? Жулдыз – бул әрман. Әрман етиң, жақсы жасаў ҳәм жақсы ат қалдырыўға умтылың!», деп жақсы тилеклерин билдирди.
Илаж даўамында оқыў-сабақлары қатнасыўшылары арасында Сәркарда кубоги әскерий-эстафеталық ойынлар шөлкемлестирилип, оған белсене қатнасқан жаслар ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Нөкис ҳәм Үргениш гарнизонларындағы әскерий бөлимлерде шөлкемлестирилген «Мәртлик мектеби» илажлары бүгин жуўмағына жетип, ол жаслар ушын ҳақыйқый мәртлик мектеби болды, десек қәлелеспеймиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги