Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 8-июньдағы «Аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы нызамында белгилеп қойылған тәртип-қағыйдаларға муўапық, усы жылдың 28-февралынан мәмлекетимизде жабайы ҳайўанларды ҳәм қусларды аўлаў ушын аң аўлаў мәўсими жуўмақланды. Бул ҳаққында Тәбият ресурслары министрлигиниң инспекция баслығы Адҳам Қурбонов хабар берди.
Усы мүнәсибет пенен барлық аңшылар аң аўлаў жолламаларын 10 күн мүддетте Өзбекстан Аңшы ҳәм балықшылық спорты бирлеспелери ҳәм оның аймақлардағы бөлимлерине нызамда белгиленген тәртипте тапсырыўы соралады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги