Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы ҳәм уллы түркмен шайыры Мақтымқулы туўылғанының 300 жыллығы мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илаждың ашылыўында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Республикалық Түркмен миллий мәдений орайының баслығы Г.Авездурдиева, Қарақалпақстан Республикасы Түркмен миллий мәдений орайының баслығы Р.Авезов ҳәм басқалар сөзге шығып, Өзбекстанның жақын стратегиялық бирге ислесиўши мәмлекетлерден бири Түркменстан менен әмелге асырылып ҳәм жаңа басқышқа көтерилип атырған өзара дослық қатнасықлары ҳаққында атап өтти. Еки дос мәмлекетлер арасындағы социаллық, экономикалық, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары ҳәм перспективаларын белгилеген ҳалда өзара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында тарийхый жумыслар әмелге асырылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде жасап киятырған 130 дан аслам миллет ўәкиллериниң арасында 206 мыңнан, Қарақалпақстан Республикасында болса, 105 мыңнан аслам түркмен миллети ўәкиллери Ўатанымыздың раўажланыўы жолында мийнет етпекте. Бүгинги күнде түркменлердиң миллий мәдениятын, тилин, үрп-әдетлери менен дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Түркмен миллий мәдений орайының жумысы ушын барлық имканиятлар менен шараятлар жаратылған.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы мүнәсибетлердиң тамыры узақ тарийхқа барып тақалады ҳәм өзаара ҳүрмет, исеним тийкарында қурылған. Атап айтқанда, Ташкент қаласындағы көшелердиң бирине Мақтымқулы атының берилиўи, оның ҳүрметине естеликтиң, Ашхабад қаласының аты менен аталыўшы көлемли дем алыў бағының ашылыўы үлкен әҳмийетке ийе болды. Түркменстан Республикасында Биринши Президентимиз Ислам Кәримов естелигин мәңгилестириў мақсетинде естелик комплекси ашылып, орайлық көшелерден бирине И.Кәримов аты берилди. Еки мәмлекеттиң нефть ҳәм газ, транспорт коммуникациялары тараўларындағы экономикалық, сондай-ақ, мәдений, гуманитарлық бирге ислесиўи еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында әҳмийетли тийкар болып хызмет етпекте.

Бүгинги күнде 40 тан аслам билимлендириў түркмен тилинде алып барылатуғын мектеп жумыс алып бармақта. Оларда сабақлар өз ана тилинде алып барылыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Түркмен филологиясы бойынша маман педагоглар, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында түркмен тилинде баслаўыш классларды оқытатуғын муғаллимлер таярланбақта. Республика Түркмен миллий мәдений орайы тәрепинен түркмен тилиндеги «Мекан» атамасында газета шығарылыўы менен бирге, «Орзу» музыкалық ҳәм аяқ ойын ансамбли жумыс алып бармақта.

Илажда, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитетиниң бас қәнигеси Ф.Беков, сенатор Г.Аннақлычева  түркмен шайыры Мақтымқулы Бухараның Көкалдаш, Хийўаның Шерғазы медреселеринде билим алып, Наўайы, Фирдаўсий, Низамий сыяқлы уллы тулғалардың дөретиўшилигинен хабары болғанын атап өтти. Ол бир қанша қосықлар, дәстанлар ҳәм ғәззеллердиң авторы болып, оның лирикалық, философиялық, үгит-нәсият характериндеги 10 мың қатардан аслам дөретпелери бүгинги күнге шекем жетип келген. Бул шығармалар барлық түркий миллет ўәкиллериниң, сол қатары, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының мәнаўий мүлкине айланған.

– Өзбек, түркмен ҳәм қарақалпақ халықлары тарийхтан бир дәрьядан суў ишип, дослықта, аўызбиршиликте жасап китырған халықлар болып табылады, -дейди Республика Түркмен миллий мәдений орайының баслығы Г.Авездурдиева. – Бүгинги салтанатлы илаждың Нөкис қаласында өткерилип атырғаны да усы мәңги дослықтың белгиси, деп есаплайман. Президентимиз тәрепинен усы дослық қатнасықлары мүнәсип даўам еттирип келинбекте.

Илаж шеңберинде театр фойесинде миллий мәдений орайлар, жоқары оқыў орынлары тәрепинен қарақалпақ, өзбек, түркмен, рус, корейс ҳәм басқа да миллет ўәкиллериниң үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлерин өзинде сәўлелендириўши миллий кийим-кеншеклериниң, буйымларының көргизбеси нәзерге усынылды.

– Көргизбеде көплеген миллет ўәкиллериниң қатарында бизлер де өзлеримиздиң қолда тиккен миллий кийимлеримиз, қарақалпақ миллий тағыншақлары ҳәм гилемлери менен қатнасып атырмыз, -дейди Бердақ атындағы ҚМУдың студенти Г.Жалғасбаева. – Мен миллий кийимлеримизге заманагөй нағыслар тигип, тағыншақларды заманға сай етип безеўди унатаман. Көргизбеге де усы миллийликке заманагөйликти үйлестирип безетилген қол мийнетлерим менен қатнастым. Университетимизде өзбек, түркмен, қазақ миллети ўәкиллери билим алады. Олар менен усындай көргизбелерге бирге қатнасып келемиз. Бизлер бир-биримизди аўдармасыз-ақ түсинип алатуғын дәрежеде досласып қалдық.

Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етип, онда өзбек, қарақалпақ, түркмен, украин ҳәм басқа да халықлардың қосықлары, дәстанлардан үзиндилер жаңлап, миллий аяқ ойынлары атқарылды. «Тарийхый тулғалар» атамасындағы сахналық шығыўда театрдың шебер артистлери Наўайы, Мақтымқулы ҳәм Бердақ шайырлардың тулғаларын тамашагөйлер алдында жанландырды.

 


М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери