Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева АҚШтың мәмлекетимиздеги жаңа Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Жонатан Хеникти қабыллады.

Сенат Баслығы елшини жоқары ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаға тайынланғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Ушырасыў ўақтында Өзбекстан – АҚШ бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, соның ишинде, парламентлер аралық байланысларды кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

Т.Норбоева парламентлер аралық байланыслар мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти және де беккемлеўдиң әҳмийетли механизмлеринен бирине айланыўы зәрүр екенлигин атап өтти. Стратегиялық бирге ислесиўдиң ҳәзирги басқышы парламент көлеминдеги тығыз байланысларды сәўлелендириўи зәрүр. Өз-ара қатнасықларды және де жоқары басқышқа көтериўде сөйлесиўлердиң избе-излигин тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет парламентлери арасындағы байланысларды кеңейтиўде АҚШ Конгрессиниң Ўәкиллер палатасында қәлиплестирилген «Өзбекстан бойынша Кокус» (дослық топары)тың орны ҳәм жумысының нәтийжелилиги атап өтилди.

Елши Жонатан Хеник қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, 26 жыл бурын Өзбекстанда болғаны, өткен ўақыт ишинде мәмлекетте барлық тараўларда жүдә үлкен унамлы өзгерислердиң гүўасы болғанын айтып өтти. Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, мийнет қатнасықлары, гендер теңлиги мәселелеринде ерисилген нәтийжелерди жоқары баҳалап, әсиресе, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти толық сапластырыў бағдарында Өзбекстанның тәжирийбесин пүткил жер жүзине үлги сыпатында көрсетиў мүмкин екенлигин ҳәм бул бойынша басқа мәмлекетлер өзбек тәжирийбесин үйрениўи зәрүр екенлигин айрықша атап өтти.

Ушырасыўда саўда-экономикалық байланысларды жедел раўажландырыў, бул процессти жеделлестириўде Өзбекстан ҳәм АҚШтың ҳәр қыйлы тараўлары ўәкиллериниң өз-ара сапарларын әмелге асырыў, бундай қатнас еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында сиясий, саўда-экономикалық, социаллық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, ҳаял-қызлар исбилерменлиги ҳәм олардың жәмийеттеги ролин күшейтиў, гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында пикир алысылды.

Н.Абдураимова,  

ӨзА