2022-жыл 12-декабрьдеги ПҚ-440-санлы қарар менен импорт етилетуғын, жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылатуғын ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен жуўмақлаўшы тутыныўшыларға сатылатуғын АИ-80 маркалы автобензинге қолланып келинген «ноль»лик ставкадағы акциз салығының жеңиллетилген қолланыў мүддети 2023-жыл 1-мартта жуўмақланады.
«Өзбекнефтьгаз» АЖға бола, 2023-жыл 1-мартта жоқарыдағы тәртиплердиң әмел етиў мүддети (жеңиллетилген дәўир) жуўмақланғаннан кейин акциз салығы есапланыўы ҳәм биржада баҳалардың еркин (өсиў дәрежеси шекленбей) қәлиплесиўи есабынан АИ-80 маркалы автобензин баҳасының артыўы күтилмекте.
Онда, 1-марттан баслап биржа саўдаларына жайластырылатуғын 1 тонна жергиликли АИ-80 маркалы автобензинниң басланғыш баҳасы 6 863 000 сумнан, импорт автобензинниң баҳасы 8 036 000 сумнан қәлиплесип, биржа саўдаларының жуўмағы менен баҳалар орташа 8 150 000 сумды (1 литр ушын 6 100 сум) қурайтуғыны күтилип атыр.
Онда, баҳалардың өзгериўи есабынан «Өзбекнефтьгаз» АЖ қарамағындағы АЖҚШларда 1 литр АИ-80 маркалы автобензинниң усақлап сатыў баҳасы жергиликли өним ушын 6 800 сумнан, импорт өними ушын 7 000 сумнан қәлиплеседи.
Мағлыўмат ушын, Ҳүкиметтиң 2022-жыл 15-декабрьде тастыйықланған «Гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларды АИ-80 маркалы автобензин менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм олардың баҳалары кескин артыўының алдын алыў» илажларында 2022-жыл 9-декабрьден 2023-жыл 1-мартқа шекем «Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖның өз алдына биржа секциясы арқалы АИ-80 маркалы автобензин өнимин сатыў баҳасының өсиўи биржа саўдасына шығарыў баҳасына салыстырғанда көби менен 5 процентке шекемги муғдарда белгиленген еди.
1-марттан болса биржада, АИ-80 бензининиң баҳалары еркин (өсиў дәрежеси шекленбей) қәлиплестириледи ҳәм усы маркалы бензинниң баҳасы артыўына себеп болыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги