Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик  университетинде  Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының қатнасыўында «Депутат ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өткерилди.

Илажды университет ректоры А.Реймов ашып, елимизде  кейинги жыллары әмелге асырылып атырған реформалар, өзгерислер менен жаңаланыўлар, соның ишинде, келешегимиз болған жасларымызға қаратылып атырған итибар, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатқа кеңнен тоқтап өтти.

Ушырасыўда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары М.Ибрагимов ҳәм Л.Сейтова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған мүрәжатындағы әҳмийетли ўазыйпаларды атап өтти. Бүгинги күнде қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийети, Олий Мажлис Нызамшылық палатасында алып барылып атырған  жумыслар, жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун-мәниси туўралы түсиниклер берилди.

– Соның ишинде,  барлық тараўлар сықлы билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар бойынша да студент-жасларға мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди,-дейди ушырасыў қатнасыўшысы Б.Төреев. – Усындай ушырасыўлар студент-жаслар ушын халық ўәкиллерине өзлериниң пикир-усынысларын билдириўине көплеген мүминшиликлер береди.

Ушырасыўда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги