Беруний әлемниң жаратылыўы, инсанның пайда болыўы, халықлардың раўажланыў басқышлары, тарийхый ўақыялар, тәбийғый қубылыслар, олардың мәнисин илимий тийкарда үйрениў мектебин жаратты.

Берунийдиң 1030 жылы жазған ҳәм «Ҳиндстан» аты менен атақлы болған «Таҳқиқ мо ли-л-ҳинд мин маъқула мақбула фи-л-ақл ав марзула», яғный «ҳиндлердиң ақылға сайкес ҳәм сәйкес емес тәлийматларын анықлаў»  деп аталған шығармасында баян етилген илимий идеялар адам ҳәм әлем ҳаққындағы көз қарасларды кескин өзгертип жиберди. Бул шығармада адамзаттың раўажланыўы, оның факторлары ҳәм мәниси дүньялық ойлаў арқалы үйренилди.

Берунийдиң бул шығармасы ҳаққында атақлы алым В.Р.Розен «Шығыс ҳәм Батыстың әййемги ҳәм орта әсирдеги пүткил илимий әдебиятында оған тең  келетуғын шығарма жоқ» деген еди.

Берунийдиң қүдирети сонда, ол өзине шекем жаратылған ҳәм бар болған дәрек ҳәм әдебиятлардың ең тийкарғыларын терең үйренип, олардың ҳәр бирине мүнәсип баҳа берип, ең баслы жуўмақларды ортаға таслады. Бул жуўмақлар ҳәзирге шекем илимий жаңалығы, актуаллығы, теориялық тийкарланғанлығы, концептуальлық әҳмийетке ийе екенлиги менен жүдә қәдирли.

Тарийхты үйрене отырып, адамзаттың келип шығыўы ҳәм оның раўажланыў динамикасын анализлей отырып, Беруний ҳақыйқатқа исенбейтуғын адамлар менен дискуссияға түсип, оларды скептицизмде айыплайды ҳәм олар «исенимли ҳүжжетлерди қабыл етиўде тап жолбарыстан қорқып қашқан ешекке мегзейди», – дейди.

Шығыс тарийхый ойлаўының өзине тәнлиги сонда, ол ҳәр қыйлы дәўирлерде өмир сүрген патшалықлар ҳәм олардың династиялары тарийхый дәўир сыпатында қабыл етиледи ҳәм усы дәўирде жүз берген барлық ўақыялар, мәнеўий-әдеп икрамлық өлшемлери, мәдений ҳәм жәмийетлик раўажланыў тиккелей усы патшалықлар ҳәм олардың династиялары жүргизген сиясат тийкарында үйрениледи.

Беруний де буннан нәтийжели пайдаланған. Ол өзиниң «Осор ал-боқия» деп аталған шығармасында ҳәр қыйлы дәўирлерде үстемлик еткен патшалықлар ҳәм династиялардың: Македониялық птолемейлер, рим, христиан, әййемги Иран, сасанийлер династиялары патшалары, араб халифалары қәўимлериниң өз дәўирине сай шежиресин жаратты. Олар жүдә анық ҳәм исенимли дәреклерден алынған болып, патшалықлардың үстемлик еткен дәўирлери дерлик дурыс көрсетилген. Олар басқа тарийхый китаплар менен салыстырыў нәтийжесинде толық дәлийлленгени менен ажыралып турады.

Беруний греклер, римлилер, иранлылар, согдлар, хорезмлилер, христианлар, еврейлер, исламға шекемги араблар ҳәм мусылманлардың ўақыт өлшемлери, жыл санаўлары, ҳайытлары ҳәм муқаддес күнлерин жәмийетлик-тарийхый, мәдений ҳәм ағартыўшылық жақтан әдеўир терең үйренген.

Берунийдиң тарийхый ойлаўында ҳәр қыйлы халықлар, мәмлекетлер, аймақлардағы турмыс тәрзи арқалы  раўажланыў басқышлары үйрениледи ҳәм тийисли жуўмақлар шығарады. Бул тиккелей антропология, антропогенез, демография ҳәм этнография менен байланыслы болған изертлеў усылын талап етеди.

Беруний әййемги халықлар тарийхы, олардың мәнаўий-мәдений естеликлери, жәмийетлик-әдеп икрамлылық көзқараслары ҳаққындағы бул шығармасын қандай мақсетте жазғанын төмендегише баян етеди: Китап оқыўшылардан бири меннен халықлар ҳаққындағы тарийхлар, олардың басланыўы ҳәм бөлимлери, яғный айлар ҳәм жыллар үстинде ол тарийх ийелериниң қарсыласлары ҳәм бул қарсыласыўдың себеплери, белгили байрамлар, ҳәр қыйлы ўақытлар ҳәм жумыслар ушын белгиленген күнлер, миллетлердиң айырымлары әмел етип, айырымлары әмел етпейтуғын басқа мәресимлер ҳаққында сорады ҳәм мени мүмкиншилиги болғанынша оларды анық етип баян етип, оқыўшы түсинетуғын, ҳәр қыйлы китапларды ақтарыў ҳәм бул китап ийелеринен сораўға зәрүрлик қалмайтуғын бир шығарма жазыўға шақырды».

Беруний тарийхый дәреклер үстинде жумыс ислеп, ол ҳәр бир дәрекке бирден-бир ҳақыйқат деп қарамайды. Ҳақыйқат ишинен ҳақыйқат излейди ҳәм усы жол менен тарийх ҳақыйқатын тиклеўге умтылады. Нәтийжеде биз «олардың барлығын билиў ўақты келгенге шекем баян етиўден тоқтадық, өйткени гүманды анық ҳәм мәлим емести мәлимге қосыў биз жүрген жолға ылайық емес», – деген еди. Оның көзқарасы бойынша ҳәр қандай тарийхый шығарма ҳеш кимде гүман оятпаўы, ол бирден-бир ҳақыйқатқа сүйениўи лазым.

Беруний өз дәўириниң прагматистлерине қарсы кескин гүрес алып барды. Олар өзлерине унаған нәрсеге бирден-бир ҳақыйқат деп қарайтуғын еди,  тек ғана соны қорғады ҳәм исенимлерине қарсы болған ҳәр қандай рас ҳәм тийкарлы дәлийллерди мойынламады. Илимий ҳәм тарийхый ҳақыйқат объективликти, салыстырмалы анализ, салыстырыў арқалы анықланатуғын жуўмақларды талап етеди. Тек объективлик ғана тарийхый раўажланыў ҳәм жәмийетлик раўажланыўдың мәнисин ашып береди, оған реал баҳа бериў ҳәм бир пүтин ҳалда тиклеўи мүмкин.

Беруний халықлар тарийхын, олардың турмыс тәризи ҳәм қадириятларын үйрене отырып, ҳәр қандай дәрекке айрықша итибар менен қарайды. Оларды бир-бирине салыстырады. Тарийхый ўақытлар, дәўирлерди салыстырыў тәризинде үйренип, ҳәр тәреплеме жетик ҳәм тийкарлы дәлийллерди топлайды. Оның жетискенликлеринен бири сонда, ҳәр бир тарийхый ўақыяны бир-бирине жақын пәнлер имканиятларынан кеңирек пайдаланыўға ҳәрекет етти.

Оның тарийхый изертлеўлери математикалық есап-санақ, өлшеўлер, тәбият ҳәм әлем нызамшылығы, геометриялық анықлықлар арқалы философиялық ҳәм логикалық жуўмақлар шығарды.

Беруний тарийхый изертлеўди басқа жақын пәнлер менен байланыслы ҳалда алып барған. Ол ҳәр кыйлы пәнлердиң предмети ҳәм өзине тән изертлеў бағдарлары арқалы тарийхқа қатнаста болғанлығы ҳаққында айта отырып, төмендеги жуўмаққа келеди: «Мақсет гәпти созыў емес, ал оқыўшыны зериктирмеў. Өйткени бәрқулла бир нәрсеге қарай бериў сабырсызлыққа алып келеди. Оқыўшы пәннен пәнге өтип турса, ҳәр қыйлы бағларда жүргенге уқсайды. Биреўин көрип үлгерместен басқасы басланады ҳәм ол адам «ҳәр бир жаңа нәрседе өзине жараса ләззет бар» дегендей, оларды көриўге қызығады ҳәм көзден өткериўди қәлейди. Бирдей нәрсе шаршатады, еслеўге зыян келтиреди». (Беруний, т. 1,б.22)

Беруний тарийхқа тәрийип береди, оны  илим дәрежесине алып шығады ҳәм дәслепки теориялық тийкарларын жаратады. Ол «қандай да бир өтип кеткен жылдан алдын есапқа алынатуғын белгили бир мүддетке тарийх делинеди», деп көрсетеди.

Беруний ҳәр қыйлы тәбийғый апатшылықлар ямаса шешиўши өзгерислер, патшалықлардың өзгергенлиги ҳәм басқа тәбийғый ҳәдийселер жүз берген дәўирлердиң басынан ақырына шекем болган бөлегин тарийхый дәўир деп түсинеди ҳәм әне усы дәўирди изертлеў объектине айландырады. Тарийхты үйрениўге бундай қатнас, илим методологиясы ҳәм изертлеў предметиниң әҳмийетли белгилеринен есапланады.

Тарийхый дәректи үйрениў, оның тийкарлы ямаса тийкарсыз екенлигин анықлаў тарийхый изертлеў ушын жуўапкерли процесс болып табылады. Өйткени тарийхый дәректи жаратқанлар, ҳәр қыйлы ҳүжжетлерди өз мәплери көзқарасынан топлаған. Барлық инсанға тән болған бундай иллет тарийхшыларды да шетлеп өтпейди. Беруний «хабаршылар себепли ҳақыйқат ямаса жалған түсин алады», дейди.

М.Сейтимбетов,

 ҚМУ Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан

 тарийхы кафедрасы доценти

Қарақалпақстан хабар агентлиги