Ҳүрметли Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Муҳаммад Ашраф Ғани!
Ҳүрметли Федерика Могерини ханым!
Ҳүрметли сыртқы ислер министрлери ҳәм делегациялар басшылары!
Ханымлар ҳәм Мырзалар!
Елимиз пайтахтында болып өтип атырған Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияның барлық қатнасыўшыларын ҳәм мийманларын Өзбекстан халқының атынан шын жүректен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.
Усы әнжуманда қатнасып атырғаныңыз ушын сизлерге терең миннетдаршылық билдиремен ҳәм миймандос өзбек елинде сизлерди көрип турғанымнан жүдә қуўанышлыман.
Бүгинги конференция Өзбекстан Республикасы ҳәм Аўғанстан Ислам Республикасының биргеликтеги басламасы менен өткерилмекте.
Бул әнжуман халықаралық жәмийетшилик тәрепинен Аўғанстанда тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған ис-ҳәрекетлердиң логикалық даўамы болып табылады.
Форумда жеке өзи қатнасып атырғаны ушын Уллы Мәртебели Мырза Президент Муҳаммад Ашраф Ғаниға айрықша миннетдаршылық билдирмекшимен.
Сондай-ақ, халықаралық конференцияны өткериў бойынша бизиң басламамызды әўелден-ақ қоллап-қуўатлаған ҳәм барлық қатнасыўшыларға өзиниң қутлықлаў хатын жоллаған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Мырза Антониу Гуттеришке шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Биз Мырза Антониу Гуттериштиң Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиў процесслери шеңберинде сөйлесиўлер өткериўдиң тәрепдары екенин, сондай-ақ, регионымызда қәўипсизликти ҳәм турақлы раўажланыўды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерин жоқары баҳалаймыз.
Усы жылдың январь айында БМШ Қәўипсизлик Кеңесинде Қазақстанның басшылығында Орайлық Азия ҳәм аўғанстан бойынша пикир алысыўлар болып өткен еди. Пурсаттан пайдаланып, Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Абишевич Назарбаевқа мине усы оғада әҳмийетли машқаланы шешиў бойынша көрсеткен басламасы ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Сондай-ақ, болып өткен додалаўлар ўақтында билдирген керекли ҳәм баҳалы усыныслары ушын БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң барлық ағзаларынан миннетдарман. Бул усыныслардың үлкен бөлеги усы конференцияның аўғанстанлы кәсиплеслеримиз бенен биргеликте таярланған жуўмақлаўшы ҳүжжет жойбары – Ташкент декларациясында есапқа алынды.
Соның менен бирге, бүгинги әнжуманда қатнасып атырған:
– Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша жоқары дәрежедеги ўәкили Федерика Могерини ханымды;
– Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы, Америка Қурама Штатлары, Япония, Германия, Уллы Британия, Франция, Италия, Түркия, Ҳиндстан, Иран, Пакистан, Саўд Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан сыртқы сиясат мәкемелери, сондай-ақ. халықаралық және регионаллық шөлкемлердиң басшыларын ҳәм ўәкиллерин шын жүректен қутлықлағанымнан оғада қуўанышлыман.
Бүгин усы залда БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы ағзасы болған мәмлекетлер ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери жыйналғанын айрықша атап өтпекшимен.
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Биз усы күнлерде бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы болған Наўрыз әййямын кеңнен белгилемектемиз. Әзелден бул мәўсимде урыс-жәнжеллер тоқтатылған, адамлар ески өкпе-гийнелерди умытып, бир-бирин кеширген ҳәм ең аўыр жағдайда да шешими жоқтай болып көринген мәселелер бойынша да келисип, аўызбиршиликке ерискен.
Бүгин бизлер де дәўиримиздиң ең аўыр регионаллық ҳәм глобал машқаларынан бири – Аўғанстандағы қарама-қарсылықты шешиўди әмелий руўхта додалап, биргеликте улыўмалық бир шешим ислеп шығыўға уқыплы екенимизге исенимим кәмил.
Тилекке қарсы, жәбирлениўши Аўғанстан жериндеги бул урыс дерлик 40 жылдан берли даўам етпекте.
«Урыс оты» аўған халқына шеттен киргизилди, бул – оның таңлаўы емес екенлиги белгили.
Мине, сол жыллар даўамында жүз мыңлаған тыныш халық қурбанға айланды, миллионлаған инсанлар өзлериниң үйлерин таслап кетиўге ҳәм басқа еллерден баспана излеўге мәжбүр болды.
Бул жәнжелге жаңадан-жаңа күшлердиң тартылыўы оның шексиз дәрежеде кескинлесип кетиўине алып келди. Бул урыс тек Аўғанстанның машқаласы емес, ал күннен-күнге қурамаласып баратырған хылықаралық машқалаға айланды.
Аўғанстанда халықаралық терроршы топарлар санының көбейиўи, зорлық ҳәм қан төгиўлер, наркобизнестиң сапластырылмай атырғаны – булардың барлығы бул елдеги жағдайды дүнья жәмийетшилиги тәрепинен бийкар етилиўине жол қойып болмайтуғынын көрсетпекте.
Ең жаманы, Аўғанстандағы қураллы қарама-қарсылық ҳәм зорлық шараятында пүткил бир әўлад ержетти. Бирақ бул айырым экспертлердиң ақылсызларша атап өткениндей, «Жиберилген әўлад» емес. Олар тек урыс , мүтәжлик ҳәм қыйншылықларданшаршаған адамлар. Олар өз-ара қарама-қарсылықларға шек қойып, тыныш турмысқа, өз елин раўажландырыўға ҳәм абаданлыққа алып баратуғын дөретиўши мийнетке қайтыўды қәлейди ҳәм соған ҳәрекет етеди.
Аўған халқында өз перзентлериниң ҳәм келешек әўладлардың ығбал-бахты жолында жаңа, тыныш турмысты баслаў ҳәм қурыў ушын күш-ғайрат, данышпанлық, мәртлик ҳәм жигерлилик жетерли екенине исенемен.
Бүгинги әнжуманымызда ўәкиллери қатнасып атырған мәмлекетлер ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлер бул жәбиркеш елдеги жағдайды тыныш жол менен шешиўге көмеклесиўде әҳмийетли роль атқарыўға уқыплы ҳәм сондай болыўы керек.
Жақын Шығыс ҳәм Арқа Африкадағы ўақыялар ақыбетинде Аўғанстандағы жағдай белгили бир ўақыт даўамында халықаралық сиясаттың итибарынан шетте қалды. Бирақ, соның нәтийжесинде бул машқала өзиниң кескинлигин ҳәм қатаңлығын жойытпады.
Өзбекстанда халықаралық конференция өткериў усынысы ҳәм Аўғанстанда тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған ис-ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүрлиги төмендеги факторлар менен байланыслы.
Бириншиден, бизиң басламамыз Өзбекстанның сыртқы сиясат концепциясына толық сәйкес келеди. Бул концепцияда бәринен бурын қоңсы еллер менен жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.
Екиншиден, Өзбекстан ҳәм Аўғанстан халықлары әсирлер даўамында бирден-бир мәдений-цивилизациялық мәканда жасап келген.
Әзелден Әмиўдәрьяның еки тәрепинде өз-ара уқсас тиллер, улыўма муқаддес тил ҳәм бирдей руўхый қәдриятлар бирлестирип туратуғын халықлар жасап келмекте.
Әмиўдәрья биз ушын ҳәмийше тиришилик дереги болып келген, бирақ адамлардың еркин ҳәрекет етиўине, саўда байланысларын жақыннан раўажландырыўға, илим тараўындағы жетискенликлер менен ортақласыўға ҳәм бир-бирин мәдений жақтан байытыўға ҳеш қашан тосқынлық етпеген.
Аўған жеринде Орайлық Азия Ояныў дәўириниң Әбиў Райхан Беруний, Лутфий, Әлийшер Наўайы, Камоллиддин Беҳзод, Заҳириддин Муҳаммад Бобур, Бобараҳим Машраб сыяқлы уллы ғайраткерлер ҳәм басқа да көплеген бизиң уллы ата-бабаларымыз жасап дөретиўшилик еткен.
Бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында жақын сиясий, саўда-экономикалық, ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар жолға қойылған. Аўғанстанда миллионлаған өзбеклер жасайды. Аўғанстан конституциясына муўапық өзбек тили елдиң рәсмий тиллеринен бири болып есапланады.
Үшиншиден, қәўипсизлик бирден-бир ҳәм бөлинбейди және оны тек биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен тәмийинлеў мүмкин. Биз қәўип-қәтерлердиң айырым биреўлерин «өзимиздики», басқасын болса «өзгеники», деп қабыл етпеўимиз керек, анық етип айтқанда бундай етиўге ҳақымыз жоқлығына ҳәммемиз исенемиз.
Аўғанстан қәўипсизлиги-ол Өзбекстан қәўипсизлиги, пүткил Орайлық ҳәм Қубла Азия регионының турақлылығы ҳәм раўажланыўының кепили болып есапланады.
Халықаралық террористлик шөлкемлер Аўғанстанды өзиниң турақлы орнына айландырып алыўына жол қойып болмайды.
Төртиншиден, Өзбекстан Аўғанстанда тынышлық орнатыўға көмеклесиў бойынша тәжирийбеге ийе.
Өзбекстанның басламасы менен 1999-жылы Ташкентте Аўғанстанға қоңсы мәмлекетлер, Россия ҳәм АҚШ сыртқы сиясат мәкемелериниң басшылары дәрежесинде «6+2» топарының ушырасыўы болып өткен еди. Бул ушырасыўда Арқа Аўқам ҳәм «Талибон» ҳәрекетиниң ўәкиллери де қатнасқан еди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша Аўғанстандағы келиспеўшиликлерди тыныш жол менен сапластырыўдың тийкарғы принциплери ҳаққындағы Ташкент декларациясы қабыл етилди ҳәм ол Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясы 54-сессиясы ҳәм БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң рәсмий ҳүжжетине айланды.
Усы мүнәсибет пенен, Аўғанстан менен улыўмалық келешегимиз, аўғанстанлы досларымызды да, бизди де бирдей тәшўишке салып атырған мәселелер ҳаққында айтыў ушын барлық тийкарларға, сиясий ҳәм руўхый ҳуқыққа ийемиз.
Мине соның ушын да Өзбекстан пүткил дүнья еллерин бизиң бул жақсы нийеттеги ис-ҳәрекетлеримизди қоллап-қуўатлаўға шақырады.
Қәдирли дослар!
Бүгинги күнде Аўғанстандағы жағдайды сапластырыў бойынша көп қырлы ҳәм қурамалы мәселелер регионлық ҳәм халықаралық көлемде кеңнен додаланбақта.
Усы жерде Аўғанстандағы жағдайды әскерий-сиясий дағдарысты шешиў жолларын табыў мақсетинде шөлкемлестирилген Қабул процеси, Москва форматы, ШБШ-Аўғанстан сөйлесиў топары ҳәм басқа да көп тәреплеме додалаў процесслери айрықша дыққатқа ийе.
Өзбекстан Қабул процеси шеңбериндеги екинши мәжилис қатнасыўшыларының Аўғанстан ҳүкимети менен «Талибон» ҳәрекетиниң «Алдын ала шәрт қоймаў ҳәм күш жумсаў арқалы қорқытпаў» тийкарында тиккелей сөйлесиўлер өткериўди баслаў ҳаққындағы қарарын қоллап-қуўатлайды.
Бирақ, тынышлыққа қарай ҳәрекеттиң ең тийкарғы шәрти, бизиңше, бәринен бурын регионаллық ҳәм глобаллық дәрежеде келисилген, Аўғанстан ушын бирден-бир кең қамтылған тынышлық бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдан ибарат.
Усыннан келип шыққан ҳалда, бизиң биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиздиң тийкарғы мақсетлери ҳәм ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болыўы тийис:
биринши – аўған машқаласын тыныш жол менен шешиўдиң тийкарғы принциплерин ислеп шығыў ҳәм олар бойынша кең және қатаң халықаралық консенсус – келисимге ерисиў;
екинши – Аўғанстан ҳүкимети ҳәм қураллы оппозиция арасында сөйлесиўлерди баслаў механизмин ислеп шығыў;
үшинши – Аўғанстанда миллий келисиў процесине халықаралық жәмийетшилик тәрепинен көмеклесиў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў.
Ҳәм ең соңында, барлық мәпдар сыртқы күшлердиң қураллы оппозициясдан Аўғанстан ҳүкимети менен сөйлесиўлер столына отырыўын, қарама-қарсылыққа ҳәм зорлыққа шек қойыўын қатаң және бир аўыздан талап етиўи шексиз әҳмийетке ийе.
Буннан басқа жол жоқ. Бизиң пикиримизше, бүгинги ушырасыўымыздың бас идеясы усыдан ибарат.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Аўғанстандағы келиспеўшиилклер оғада қурамалы ҳәм қарама-қарсы қәсийетке ийе екенин, оларға ҳәр түрли күшлер тартылғанын итибарға алған ҳалда, сондай-ақ, БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң тийисли резолюциясынан келип шығып, кең көлемли тынышлық процесин үш өз-ара байланыслы дәрежеде әмелге асырыўды тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз.
Аўғанстан ели дәрежесинде – орайлық ҳүкимет ҳәм қураллы оппозицияның тийкарғы күшлери, биринши гезекте. «Талибон» ҳәрекети арасында алдын ала ҳеш қандай шәрт қоймай тиккелей сөйлесиўди баслаўды тәмийинлеў зәрүр.
Тәреплердиң бир-бирине байланыслы сораўлары ҳәм талабы болажақ сөйлесиўлерде додаланыўы мүмкин.
Өз-өзинен белгили, Аўғанстан ишиндеги сиясий процесслерди баслаўды енди кейинге қайтарып болмайды. Бул процесслерди созыў және көплеген гүнасыз адамлардың қурбан болыўына алып келеди.
Тынышлық процесиниң табыслы болыўын тәмиийнлеў ушын аўғанстанлылардың өзлерине инталылық көрсетиў, сөйлесиўлер қандай форматта, қашан ҳәм қай жерде алып барылыўы бойынша таңлаў имканиятын бериў керек.
Усы жерде, бәринен бурын, қураллы оппозиция тәрепинен де, Аўғанстан миллий қәўипсизлик күшлери тәрепинен де жаўынгерлик ҳәрекетлер алып барыўдан ўаз кешилиўи ҳәм атыспаларды тоқтатыў режимине сөзсиз бойсыныўы ҳаққында сөз болмақта.
Аўғанстанның келешектеги тыныш раўажланыўы ушын улыўмалық жуўапкершиликти сезинген ҳәм де аўған халқының әзелий дослық байланысларына сүйенген ҳалда, биз Өзбекстан аймағында тынышлық процесслериниң қәлеген басқышында Аўғанстан ҳәм «Талибон» ҳәрекети арасында тиккелей сөйлесиўлерди шөлкемлестириў ушын барлық шараятларды жаратып бериўге таярмыз.
Оппозиция тыныш сөйлесиўлерде қатнасатуғын ҳәм миллий келисимге ерисилген жағдайда Аўғанстанның сиясий турмысына оппозицияның интеграцияласыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериў керек.
Қураллы оппозиция ўәкиллери, соның ишинде, талиблар да аўған жәмийетиниң бир бөлеги ҳәм Аўғанстан пуқаралары сыпатында өз елиниң келешегин белгилеў ушын даўыс бериў ҳуқықына ийе.
Бул бойынша елде парламентлик ҳәм президентлик сайлаўларға шекем болған дәўирде аўғанлар арасында өз-ара сөйлесиўлерди баслаў ҳәм сол тәризде жәмийеттиң барлық қатламларына, соның ишинде, оппозициядағы күшлерге де жаңа Аўғанстан мәмлекетин қурыўда толық қатнасыўы ушын кең имканиятлар жаратыў оғада әҳмийетли.
Регионаллық дәрежеде – бәринен бурын Пакистан, Ҳиндстан, Иран, Түркия, Саўд Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң қоллап-қуўатлаўы менен тәреплер арасында беккем келисимди тәмийинлеўге ерисиў зәрүр.
Аўғанстанда экономикалық раўажланыўды, қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге байланыслы бир қатар аўыр машқалаларды шешиў, көпшилик жағдайда оған қоңсы болған мәмлекетлерге, бизиң жақсы ерк-ықрарымыз, қатаң қарарымыз ҳәм бул елде миллий жарасыўды тәмийинлеў, зорлықты сапластырыўда белсене қатнасыўға қаншелли таяр екенимизге байланыслылығын ҳәммемиз жақсы түсинемиз, деп ойлайман.
Барлық қоңсы ҳәм бирге ислесиўши еллердиң ис-ҳәрекетлери бир-бирин тәкирарламай оны толықтырыў керек. Биз бул машқаланы шешиў бойынша өз-ара келисилген илажларды ҳәм механизмлерди ислеп шығыўымыз тийис.
Усы жылдың январь айында БМШ тың Қәўипсизлик Кеңеси мәжилисинде БМШ тың Бас хаткери Мырза Антониу Гуттериштиң атап өткениндей, регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа жедел пәтлери «улыўма, әлле қашан писип жетилискен ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды шешиў бойынша барлығымыздың алдымызда үлкен имканиятлар ашады».
Биз енди Аўғанстанға оның аймағынан тынышлыққа ҳәм турақлылыққа қәўип туўдырмайтуғын мәмлекет сыпатында қарай баслаўымыз керек. Аўғанстан – бизиң дос шеригимиз ҳәм қоңсымыз болып есапланады.
Аўғанстанды қоңсы еллер менен саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар системасына тартыў бойынша улыўмалық ис-ҳәрекетлеримиз бул елдеги жағдайды турақластырыў ҳәм оны тыныш турмысқа қайтарыў процесине сезилерли дәрежеде үлес қосатуғынына исенемен.
Ақыр-ақыбетинде аўған жеринде тынышлық орнатылыўы шексиз Евроазия материгиндеги барлық мәмлекетлер ушын жаңа имканиятлар ашады ҳәм реал пайда келтиретуғынына гүман жоқ. Ол улыўма қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў, автомобиль ҳәм темир жолларын қурыў, тәбийғый ресурсларды тасыйтуғын қубырлар тартыў, регионаллық ҳәм трансрегионаллық саўда-сатықтың раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратады.
Имканияттан пайдаланып, Аўғанстанның социаллық-экономикалық тиклениўи ушын Өзбекстан имкан дәрежесинде үлес қосып атырғанын атап өтпекшимен.
Биз 2002-жылдан берли Аўғанстанға электр энергиясын жеткерип бермектемиз. Сурхан-Пули-Хумри жаңа электр тармағының иске түсирилиўи менен Өзбекстаннан Аўғанстанға электр энергиясын жеткерип бериў көлеми кескин артты.
Биз биргеликте және бир стратегиялық жойбарды әмелге асырыў усынысын алға қоймақтамыз. Бул өзбек қәнигелери тәрепинен қурылған ҳәм ҳәзирги күнде жумыс алып барып атырған Ҳайратон-Мозори Шариф темир жолын Хиротқа шекем даўам етиў жойбары болып есапланады.
Бул жойбар Аўғанстан экономикасын тиклеў ушын анық ҳәм әмелий үлес болып қосылады, жаңа жумыс орынларын жаратады ҳәм елдиң транзит потенциалын арттырады.
Трансаўған транспорт-коммуникация жойбарлары бойынша жумыслардың бундай үлкен әҳмийетке ийе болған «Өзбекстан-Түркменстан-Иран-Оман» ҳәм «Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай» сыяқлы басқа регионаллық жойбарлар менен тығыз байланысқан түрде басланғаны Арқадан Қублаға шекем ҳәм Шығыстан Батысқа шекемги барлық бағдарларда материклераралық транспорт коридорларын ең қысқа жоллар менен раўажландырыў ушын тийисли шараятлар жаратады.
Гуманитар байланыслар жедел раўажланбақта. Усы жылдың январь айынан баслап Аўғанстанға шегаралас Термиз қаласында арнаўлы шөлкемлестирилген Аўған пуқараларына билим бериў орайы жумыс баслады. Ҳәзирги күнде бул орайда 100 ге шамалас аўғанстанлы жигит-қызлар билим алмақта.
Биз бул орайда аўған қәнигелерин таярлаў бойынша қәнигеликлер ҳәм бағдарлар санын кеңейтиўди режелестирмектемиз.
Глобал дәрежеде – дүньяның жетекши, уллы мәмлекетлери ҳәм донор шөлкемлери тәрепинен Аўғанстандағы тынышлық процесслери принципиаллық жақтан сиясий қоллап-қуўатланыўын ҳәм елдиң социаллық-экономикалық тиклениўи ушын қаржылай жәрдем көрсетилиўин тәмийинлеў керек. Олардың жәрдеми себепли ел тыныш раўажланыў жолына өтеди. Бүгинги Аўғанстан – буннан жигирма жыл бурынғы ел емес.
Ашық-айдын демократиялық сайлаўлар өткерилген ўақыттан баслап бул елде мәмлекетлик қурылыстың жаңа дәўири басланды, әпиўайы аўған пуқаралары турмысында унамлы өзгерислер көзге тасланбақта. Ел ҳүкимети халықты билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў хызмети менен кеңнен қамтып алыўға еристи. Булардың барлығы аўған халқының тыныш-абадан турмыста жасаўға ҳәм раўажланыўға умтылып атырғанынан дәрек береди.
Жақын еки жылдың ишинде Аўғанстанда әҳмийетли сиясий ўақыялар – парламентлик ҳәм президентлик сайлаўлар өткерилиўи күтилмекте. Бул ўақыялар елдиң турақлы демократиялық раўажланыў жолынан избе-из илгерилеп баратырғанын тастыйықлаўы тийис.
Ҳүрметли дослар!
Барлығымыз бир ҳақыйқатты түсинип алыўымыз зәрүр: биз бүгин тек ғана Аўғанстанның келешеги ушын емес, ал улыўмалық қәўипсизлигимиз терроризм, фанатизм ҳәм зорлықтан аўлақ дүнья ушын гүрес алып бармақтамыз.
Биз өтмиштеги қәтелерди тәкирарламаўымыз керек. Улыўмалық жуўапкершилигимизди ҳәр қашан есте сақлаўымыз тийис.
Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў ўазыйпасы бүгинги күнде глобал қәўипсизлик ҳәм раўажланыў ушын толық мәнисинде теңсиз қәўипке айланған терроризмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўге қаратылған ис-ҳәрекетлер менен тығыз байланыслы.
Бизиң қатаң исенимимизге бола, барлық сыртқы күшлер аўған ҳүкиметиниң Аўғанстанда шет елли террористлик шөлкемлердиң базаларын жоқ етиў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерин сөзсиз қоллап-қуўатлаўы, ҳеш қандай өзгерислерге қарамастан, терроризмди қаржылай ҳәм материаллық-техникалық қоллап-қуўатлаўдың алдын алыўы оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан терроризм, экстремизм ҳәм радикализм идеясына қарсы гүресиў бойынша бәрқулла принципиал позицияға ийе болып келген.
Бундай қәўип-қәтерлерге қарсы тек күш қолланыў усыллары менен емес, ал биринши гезекте, әсиресе, жаслар арасында, зорлықты келтирип шығаратуғын жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў керек.
Өткен жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Өзбекстан Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенцияны ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў усынысын алға қойған еди.
Бизиң тийкарғы мақсетимиз жаслардың сапалы билим алыў имканиятына ийе болыўына ерисиў, олардың өз қәбилетин ҳәм талантын жүзеге шығарыўы ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып бериўден ибарат.
Биз барлық шет елли шериклеримизге ислам дининиң инсаныйлық мәнисин халыққа ҳәм әсиресе, жасларға түсиндириў жолында тығыз биргеликте жумыс алып барыўды усыныс етемиз.
Бул бағдарда Өзбекстанда шөлкемлестирилген Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Өзбекстан Ислам академиясының имканиятларынан пайдаланыў мақсетке муўапық болады деп ойлайман.
Сондай-ақ, биз баслама сыпатында Аўғанстанда билимлендириўди қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы халықаралық қорды шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Буннан гөзленетуғын тийкарғы мақсет – елде талап үлкен болған тараўлар бойынша миллий кадрлар таярлаў, талантлы студентлер ҳәм жас илимпазлар ушын стипендия және грантлар ажыратыў бағдарында аўған тәрепине көмеклесиўден ибарат.
Бизиң қатаң иснимимизге бола, жәмийетте билимлендириўдиң абырайын арттырыў ҳәм жаслардың келешекке умтылыўын хошаметлеў – бул турақлы ҳәм избе-из раўажланыўға ерисиўдиң кепили болып табылады. Булардың барлығы, әлбетте, өсип киятырған жас әўладты зорлық ҳәм радикализм идеясынан қорғаўда жәрдем береди.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Усы конференцияның өткерилиўи әмелий руўхтағы сөйлесиўлер ҳәм додалаўлар, сондай-ақ, жуўмақлаўшы Ташкент декларациясының қабыл етилиўи Аўғанстанда тынышлық орнатыў бойынша әмелий жақтан унамлы нәтийжелерге ерисиў имканиятын береди ҳәм тынышлық процесиниң өзине тән «жол картасы»на айланатуғынына исенимим кәмил.
Мазмун-мәнисине бола, сизлердиң жәрдемиңиз бенен аўған машқаласының ең әҳмийетли тәреплери бойынша барлық мәпдар тәреплердиң сиясий ерк-ықрарын ҳәм өз-ара түсинисиўин өзинде сәўлелендирген ҳүжжет қабыл етиледи.
Аўғанстанның келешеги халықаралық жәмийетшиликтиң барлығымыз ушын улыўмалық болған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўге әззи екенин көрсететуғын мысалға айланып қалмаўы тийис.
Бүгин барлығымыз жәмлесип, жәбиркеш Аўғанстан халқына тынышлық ҳәм раўажланыў жолында жәрдем қолын созыўымыз. оны қоллап-қуўатлаўымыз ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.
Барлық конференция қатнасыўшыларына шын жүректен нәтийжели жумыс алып барыўын тилеймен!
Итибарыңыз ушын рахмет.