Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-март күни «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасындағы Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги Ташкент халықаралық конференциясы шеңберинде Еврокомиссия вице-президенти, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Федерика Могерини, Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров, Түркия Республикасы сыртқы ислер министри Мевлют Чавушуғли, Пакистан Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Хаважа Муҳаммад Асиф пенен ушырасыўлар өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Европа аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Федерика Могериниди қабыл етип, түрли дәрежедеги байланыслардың жеделлескенин терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти, бул болса Өзбекстан ҳәм ЕА арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеў жолындағы өз-ара умтылыстан дәрек болып табылады.

Сәўбетлесиўде Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиўде зәрүр жәрдем көрсетиў ҳәм регионды турақлы раўажландырыў, сондай-ақ, саўда, инвестициялар, инновациялар, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бойынша өз-ара байланыслардың перспективалары көрип шығылды. Келеси жылы ЕАның Орайлық Азия бойынша жаңа Стратегиясын қабыл етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров пенен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жоқары пәтлерде өсип ҳәм беккемленип атырғанын айрықша атап өтти.

Соңғы жылларды еки тәреплеме бирге ислесиў анық әмелий мазмун менен байығаны атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми артып бармақта, әҳмийетли инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, бизнес ҳәм регионлар дәрежесиндеги кооперациялық байланыслар күшеймекте. Билимлендириў, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўға байланыслы жаңа бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Россия Федерациясы Президентиниң усы жылдың гүзинде Өзбекстан Республикасына болатуғын мәмлекетлик сапарына таярлық мәселелери көрип шығылды.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия Республикасы сыртқы ислер министри Мевлют Чавушуғлин шын жүректен қутлықлап, дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мақсетинде өткен жылы октябрь айында Түркияға жоқары дәрежедеги сапары ўақтында ерисилген келисимлерди толық әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти.

Гезектеги жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық көриў, бәринен бурын, сөйлесиўлердиң күн тәртибин саўда, инвестиция, жоқары технологиялар, транспорт ҳәм туризм, мәденият тараўлары ҳәм басқа да бағдарлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўге байланыслы анық жойбарлар ҳәм бағдарламалар менен байытыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Пакистан Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Хаважа Муҳаммад Асиф пенен ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларға әмелий руўх бағышлаў зәрүрлиги туўралы сөз болды.

Мәмлекетимиз басшысы өз-ара саўда, аўыл хожалығы машина қурылысы, жеңил санаат ҳәм басқа да тармақлардағы кооперациялық байланыслар, транспорт коммуникацияларын раўажландырыў, Өзбекстанға зыярат туризми ушын келип атырған туристлердиң ағымын көбейтиў тараўларында үлкен потенциал бар екенин айрықша атап өтти.

Сөйлесиўлерди буннан былай да жеделлестириў, түрли дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер және қоспа илажлар шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Ушырасыўлар ўақтында шет ел делегацияларының басшылары Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги Ташкент конференциясын толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирип, ол өз ўақтында шөлкемлестирилгенин ҳәм илаждың күн тәртибине киргизилген мәселелер айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Форумның нәтийжелери усы елдеги жағдайды тыныш сөйлесиўлер жолы менен шешиў процесин әмелге асырыўға салмақлы үлес қосатуғынына исеним билдирди.

Жаңа басқышта әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар, сондай-ақ, Өзбекстанның регионда конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў бойынша белсене қатнасқанына жоқары баҳа берилди.

Жоқары мәртебели мийманлар Президентимизге Европа Аўқамы басшылығы, Россия, Түркия ҳәм Пакистан басшыларының жалынлы сәлемин ҳәм шын жүректен тилеклерин жеткерип, өз еллериниң Өзбекстан Республикасы менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин билдирди.

ӨзА