Пайтахтымызда 27-март күни «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм решионаллық шериклик» атамасында Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги Ташкент халықаралық конференциясы болып өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген бул конференция дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятты. Онда қатнасыў ушын елимизге Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани, БМШ тың Аўғанстандағы арнаўлы ўәкили Тадамити Ямамото, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Федерика Могерини, сондай-ақ, АҚШ, Уллы Британия, Германия, Италия, Франция, Түркия, Россия, Қытай, Ҳиндстан, Иран, Пакистан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Сауд Арабстаны ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыртқы сиясат ведомстволарының басшылары, жәми 25 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемниң ўәкиллери келди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев халықаралық конференцияда шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Республикасы ҳәм Аўғанстан Ислам Республикасының биргеликтеги басламасы менен өткерилип атырған бул әнжуман халықаралық жәмийетшилик тәрепинен Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған әмелий ис-ҳәрекетлердиң логикалық даўамы екенин атап өтти.

Жер жүзиниң үлкен бөлегинде соңғы 40 жылда аўған урысына анаў яки мынаў дәрежеде дус келген әўладлар улғайды. Кимниңдур улы, кимниңдур ағайини яки қоңсысы бул әдалатсыз урыстың қурбанына айланды. Урыс жалыны қаншадан-қанша бийгүнә адамның дастығын қуртты, оның суўық нәпеси басқа еллерге де жетип барды, мыңлаған шаңарақларды бүлдирип, нәрестелерди жетим етти. Сонлықтан да «Аўғанға кетипти» деген хабар жүреклерге қорқыныш, қәўетер алып келетуғын еди. Аталар улының аўғанға әскерий хызметке кеткенин ата-анасынан жасырар, ишиндеги дәртин билдирмес еди. Аналар тасада турып жигербентине аман-есенлик сорап Жаратқанға жалынар, жолға қарар еди.

Мине усындай орталықта ер жеткен балалар «аўғанға алып кетпес пе екен», деп жыллар даўамында қәўетер менен жасады, әскерий хызметке бармаўдың илажын изледи. Арадан он жыллар өткен болса да, аўған машқаласы адамлардың есинде қалдырған қәўетер ҳәм қорқыныш еле умытылған жоқ.

Тилекке қарсы, аўған урысы жыллардың өтиўи менен саўаш майданларынан наркобизнес, терроризм, экстремизм сыяқлы көзге көринбейтуғын урыс ошақларына айланды. Енди бул жердеги тынышсызлық ҳәм зорлықлар, наҳақтан қан төгиўлер дүньяның барлық регионларына қәўип салатуғын дәрежеде кеңейди.

Егер Аўғанстанда тынышлық ҳүким сүргенде 2001-жыл 11-сентябрь ўақыялары болмас, мыңлаған инсанлар террор қурбанына айланбас еди. Бул елде тынышлық-турақлылық болғанда, диний экстремистлик ҳәрекетлер тамыр жаймас, дүньяның түрли регионларында тынышсызлық жалынын жағып атырған жаўыз күшлер, Ислам мәмлекети деп аталған терроршылық шөлкеми пайда болмас еди. Гиябентлик затлар ҳәм нызамсыз қурал саўдасы тек қоңсы еллерге ғана емес, ал, пүткил дүнья жәмийетшилигине қәўип туўдырмас еди.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, жәбиркеш Аўғанстан топырағындағы соқлығысыўлар, «урыс жалыны» аўған халқының өз таңлаўы емес, керисинше, шеттен киргизилген тил бириктириў нәтийжеси болып табылады. Мине, усы тынышсызлықтан аўған халқы он жыллар даўамында жәбир шегип келмекте, миллионлаған адамлар өз үйин таслап, алыс журтларда әўере-сарсаң болып жүр.

Бул жердеги кескинлик Орайлық Азия мәмлекетлериниң жәҳән экономикасының белсенди итеграция процесслерине қатнасыўына унамсыз тәсир етпекте. Мысал ушын, тыныш Аўғанстан саўда-экономикалық, транспорт-логистикалық имканиятлары менен Өзбекстанға басқа регионларға теңиз арқалы қысқа жол менен шығыў имканиятын берер еди.

Халқымызда «Бир күн жәнжел болған жерден қырық күн берекет қашады», деген нақыл бар. Аўғанстанда дерлик 40 жылдан берли даўам етип киятырған келиспеўшиликлер аўған халқының турмысын онлаған жыллар изге қайтарып таслады. Бул аймақта пайда болған дағдарыс, халықтың кәмбағалласыўы дүнья жәмийетшилигинен әлле қашан глобаллық келтирип шығарған бул машқалаға биргеликте әмелий шешим табыўды талап етпекте. Усы мақсетте кейинги жылларда бир қатар жойбарлар әмелге асырылды, сөйлесиў топарлары шөлкемлестирилди.

Өзбекстан 2017-жылы Аўғанстан машқаласын шешиў бойынша өткерилген түрли форматтағы халықаралық ҳәм регионаллық әнжуманларда, атап айтқанда, кеңейтилген қурамдағы Москва ушырасыўы (апрель), «Кабул процеси» (июнь), Аўғанстан Ислам Республикасына байланыслы экономикалық бирге ислесиў конференциясы (Ашхабад, ноябрь), «Азия жүреги ­ Стамбул процеси» (Баку, ноябрь-декабрь) ҳәм Халықаралық сөйлесиў топары мәжилисинде (Осло, декабрь) жоқары дәрежеде қатнасты.

Елимиз басшысы БМШ Бас Ассамблеясының 72-сеесиясында Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў бойынша Өзбекстанның позициясын билдирди, бул бойынша анық усыныслар билдирди. Ноябрь айында Самарқанд қаласында БМШ қәўендерлигинде өткен «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў ҳәм раўажландырыў жолындағы бирге ислесиў» атамасындағы халықаралық конференцияда Аўғанстанның регионаллық экономикалық процесслерге қосылыўы жолындағы басламалар алға қойылды.

Өзбекстан ҳәм Аўғанстан Президентлериниң жоқары дәрежедеги ушырасыўларында мәмлекетимиздиң бул бағдардағы унамлы позициясы өз-ара мәпдар келисиўлер арқалы және де беккемленди.

Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген бул форум өз форматы ҳәм Аўғанстан машқаласы бойынша анық шешимлер табыўға қаратылғаны менен алдынғы халықаралық әнжуманлардан ажыралып турады. Сонлықтан оны өткериў басламасы дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кең қоллап-қуўатланды. Абырайлы халықаралық шөлкемлер, сиясаттаныўшылар ҳәм экспертлер тәрепинен Аўғанстанда тынышлық ҳәм қәўипсизликке ерисиў, бул арқалы тек Орайлық Азия емес, ал, оған тутас регионларда тыныш раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет ететуғын бул конференция аўған халқының машқалаларын шешиў бойынша анық усыныслар билдирилиўи менен әмелий әҳмийетке ийе, деген пикирлер айтылды.

Атап айтқанда, Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғани Аўғанстанда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў жолындағы Өзбекстанның басламасы оғада қәдирли екенин атап өтти.

Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Федерика Могерини өз сөзинде Аўғанстандағы жағдайды турақластырыўға байланыслы басламаны қоллап-қуўатлайтуғынын, бул мәселе Европа Аўқамының турақлы итибарында туратуғынын атап көрсетти.

Бул форумға Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен де үлкен қызығыўшылық билдирилди. БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш конференция қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллап, бул әнжуман Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў жолында айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Ташкент конференциясы қатнасыўшыларының рәсмий сүўретке түсиў мәресиминен соң әнжуман киши мәжилислерде даўам етти. Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров аўған машқаласын шешиў басламасы регион мәмлекетлериниң өзинен шығып атырғаны айрықша әҳмийетке ийе болып, Ташкент конференциясы өз ўақтында әмелге асырылған әҳмийетли процесс екенин ҳәм оннан халықаралық жәмийетшилик унамлы нәтийжелер күтип қалатуғынын атап өтти.

Түркия сыртқы ислер министри Мевлют Чавушўғлу Ташкент конференциясы Аўғанстандағы жағдайды турақластырыўда әҳмийетли орын тутатуғынын, ол турақсызлыққа себеп болып атырған күшлердиң өз-ара жарасыўына байланыслы процессти тезлестиўге жәрдем беретуғынын атап көрсетти.

АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң сиясий мәселелер бойынша орынбасары Томас Шэннон Өзбекстан Аўғанстанда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша басламалары менен регион еллериниң раўажланыўына, өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге мүнәсип үлес қосып атырғанын, усы жағынан дүнья жәмийетшилиги бул конференцияға машқаланы шешиўде әмелий шешим сыпатында қарап атырғанын атап өтти.

Қытай Халық Республшикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Ли Баодун Аўғанстандағы инвестиция, саўда, транспорт имканиятларын арттырыў ушын оны қоңсы мәмлекетлер қоллап-қуўатлаўы зәрүрлигин атап көрсетти.

Пакистан Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Хаважа Муҳаммад Асиф Аўғанстандағы тынышсыз орталық тиккелей қоңсы ҳәм узақ еллердеги жағдайға кери тәсир ететуғынын, сонлықтан ҳәмме усы мәмлекеттиң тынышлығы ушын биргеликте ҳәрекет етиўи күтилген нәтийже беретуғынын билдирди.

Әнжуманда атап өтилгениндей, айырым геосиясий күшлердиң Аўғанстанда жүзеге келген жағдайдан өз мақсетлери жолында пайдаланып атырғаны бул мәмлекетте жағдайды жақсылаў бойынша умтылысларға тосқынлық етпекте. Соның ақыбетинде терроршы шөлкемлер жаўынгерлериниң Аўғанстан ишине кем-кемнен көбирек кирип барыўына ҳәм оны өз полигонына айландырыўына жол ашылмақта.

Аўғанстан әҳмийетли трансшегаралық аймақта жайласқан. Бул мәмлекет пенен бирге ислесиўден Орайлық Азия еллери ең көп мәпдар. Әнжуманда Орайлық Азия мәмлекетлериниң сыртқы сиясат ведомостволары басшылары тәреплер бул жолда барлық имканиятларды иске қосыўға таяр екенин атап өтти.

Халықаралық конференцияда НАТО бас хаткериниң операциялар бойынша жәрдемшисиниң орынбасары Джон Манза, Уллы Британия бас министриниң Аўғанстан ҳәм Пакистан бойынша арнаўлы ўәкили Гарет Бейли, Италияның Аўғанстан ҳәм Пакистан бойынша арнаўлы ўәкили Альберто Пиери, Германия ҳүкиметиниң Аўғанстан ҳәм Пакаистан бойынша арнаўлы ўәкили Маркус Потцель, Қатар Сыртқы ислер министрлигиниң арнаўлы ўәкили Мутлақ бин Мажид ал-Қаҳтоний, Япония Сыртқы ислер министрлигиниң арнаўлы мәсләҳәтшиси Хироши Такахаши, Францияның елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Виолен де Вильмор, ШБШ Регионаллық антитеррор структурасы директоры Евгений Сисоев, Норвегия Сыртқы ислер министрлигиниң Аўғанстан ҳәм Пакистан бойынша арнаўлы ўәкили Рольф Вилли Хансен ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Аўғанстанда тынышлық орнатыў, социаллық-экономикалық инфраструктураны тиклеў, оның регионаллық экономикалық процесслерге қосылыўына ҳәр тәреплеме көмеклесиў ҳаққындағы усыныслар ҳәм басламалар билдирилди.

Конференция қатнасыўшылары әнжуман жуўмағы бойынша Ташкент декларациясына қол қойды. Бул ҳүжжетте регионда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, барлық тараўларда бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, татыў қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў сыяқлы ийгиликли мақсетлер нәзерде тутылған.

Илаж соңында өткерилген баспасөз әнжуманында Өзбекстан сыртқы ислер министри А.Комилов ҳәм Аўғанстан сыртқы ислер министри С.Раббоний абырайлы конференцияда ерисилген нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Бул халықаралық конференция дүнья жәмийетшилигиниң Аўғанстанда тыныш раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған ис-ҳәрекетлерге оғада әҳмийетли үлес болып қосылғаны атап өтилди. Бундай әнжуманлар келешекте де даўам етеди.

С.Раббоний әҳмийетли тарийхый басламаны көтерип, Аўғанстан бойынша Ташкент конференциясын өткериўге бас болған Өзбекстан Президентине, елимиз ҳүкимети ҳәм халқына айрықша миннетдаршылық билдирди.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы.