Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-март күни «Тынышлық процесинде, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасында Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги Ташкент халықаралық конференциясында қатнасыў ушын елимизге келген АҚШтың абыройлы делегациясының басшысы, АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң сиясий мәселелер бойынша орынбасары Томас Шэннонды қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, биргеликтеги ис-ҳәрекетлер Өзбекстан-АҚШ қатнасықларын раўажландырыўға жаңа пәт бағышлағанын айрықша атап өтти. Жоқары дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеўге хызмет етип, оны әмелий мазмун менен байытпақта.
Еллеримиз арасында жолға қойылған турақлы сиясий сөйлесиўге жоқары баҳа берилди. Саўда, инвестиция ҳәм жоқары технологиялар тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыўда АҚШтың жетекши компаниялары ҳәм банклери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екнелиги атап өтилди.
Аўғанстан ҳүкиметиниң елде тынышлықты ҳәм турақлылықты орнатыў, регионаллық экономикалық бирге ислесиў процесслерине қосылыў бойынша ис-ҳәрекетлерди еки тәрептиң де қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Аўғанстан бойынша Ташкент конференциясын өткериў ҳаққындағы басламаны қоллап-қуўатлағаны ҳәм оның ишинде АҚШтың абыройлы делегациясы қатнасып атырғаны ушын Президент Дональд Трампқа миннетдаршылық билдирди.
АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң орынбасары Томас Шэннон усы әнжуманда қатнасыўға мирәт еткени ушын Президент Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Бул әҳмийетли халықаралық илаждың өз ўақтында өткерилип атырғаны ҳәм әҳмийетлилиги айрықша атап өтилди.
АҚШ дипломаты елимизде мәмлкетлик басқарыў, пуқаралық жәмийети ҳәм экономика тараўларында жаңа басқышта әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.
Өз елиниң басшылары атынан АҚШ мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўге таяр екенин атап өтти.
ӨзА