Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми 2016-жылдан 2020-жылға шекем бир қанша аймақларда аналар өлимшилиги көбейгенин атап өтти. Миллионлаған ҳаяллар елеге шекем сапалы медициналық жәрдем алыў имканиятына ийе емес.

23-февраль күни БМШ сайтында жәрияланған «Аналар өлимшилиги тенденциялары» есабатында дүньяда ҳәр еки минутта ҳәмиледарлық ямаса туўыў ўақтында бир ҳаял қайтыс болатуғыны жазылған. Бундай мағлыўматлар ЖДСШ ҳәм БМШтың басқа да агентликлеринде жәрияланды.

– 2020-жыл 287 мың ҳаялдың өлимшилиги дизимге алынған. 2000-жылдан 2015-жылға шекем экспертлер аналар өлимшилигин азайтыўда сезилерли жетискенликлерге ерискен. Соның менен бирге, 2016-2020-жыллар аралығында аналар өлимшилиги дәрежеси Европа ҳәм Арқа Америкада 17 процентке, Латын Америкасы ҳәм Кариб бассейнинде болса 15 процентке артқан,-делинеди есабатта.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, аналар өлимшилигиниң ең жоқары көрсеткиши дүньяның ең жарлы аймақлары менен қураллы келиспеўшиликлер болып атырған аймақларда жүз бермекте. Мәселен, 2020-жылы барлық аналар өлимшилигиниң дерлик 70 проценти Саҳарадағы Африкада жүз берген.

ЖДСШ бас директоры Тедрос Адҳаном Гебреесус ҳәмилердарлық дәўиринде сапалы медициналық хызметтен пайдалана алмайтуғын миллионлаған ҳаяллар ушын «оғада аўыр ҳәм қәўипли тәжирийбе» болып қалғанын мәлим етти.

Буннан соң, жаңа мағлыўматлар ҳәр бир ҳаял-қызға туўыўдан алдын, туўыў ўақтында ҳәм туўыўдан кейин зәрүр медициналық жәрдем алыў имканиятын беретуғын шараят жаратыў кереклигин көрсетеди.

Дерлик 270 миллион ҳаял шаңарақты режелестириўдиң заманагөй усылларынан пайдаланыў имканиятына ийе емес. БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлери 2030-жылға барып дүньяда аналар өлимшилигин ҳәр жүз мың тири туўылған нәрестеге 70 тен азайтпақшы. 2000-жылы бул көрсеткиш 339, 2020-жылы 223 ге жеткен.

Б.Худойбердиев, ӨзА