Radio Builder деп аталған функция арқалы атқарыўшыларды таңлайсыз, қалғанын алгоритмның өзи атқарады.

Google платформасы YouTube Music пайдаланыўшыларына белгили бир көркем өнер ғайраткери тийкарында өз радиостанциясын жаратыў ҳәм қосықларды атқарыў тәртибин белгилейтуғын алгоритмди орнатыў имканиятын бериўди баслады. The Verge хабарына қарағанда, Radio Builder деп аталған функция әллеқашан айырым тыңлаўшыларға усынылған.

Бул радиоға iOS ямаса Android қосымшасында YouTube Music тийкарғы бетиндеги Tune Your Music бөлимине өтиў арқалы кириў, жеке радиостанция жаратыўда 30 ға шамалас қосықшыны белгилеў мүмкин. Қолайлы тәрепи сонда, атқарыўшылардың қосықларын бирме-бир белгилеп шығыў шәрт емес.

YouTube бул өзгешеликти өткен жылы сынақтан өткере баслаған еди. Googleдиң баспасөз хаткери Пол Пеннингтонның сөзлерине бола, Radio Builder функциясы ҳәммеге бийпул усынылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги