Түркияда 6-февральдағы күшли жер силкиниўлер 43 556 адамның өмирине заўал болды, деди ишки ислер министри Сойлу. Сирияда белсендилер 6 747 инсанның өлимин атап өткен.
Түркияда 6-февраль күни Сирия шегарасында жүз берген күшли жер силкиниўлер қурбанларының саны 43 556ға жетти. Түркия ишки исдер министри Сулаймон Сойлу 22-февраль, сәршемби күни усындай мағлыўмат берди.
Соның менен бирге, қоңсы Сирияда қайтыс болғанлардың саны 6 747 адамға жетти, деп мәлим етти сол күни Сирия Инсан ҳуқықлары бойынша орайы (SOHR). Солай етип, ҳүкимет қадағалаўы астындағы аймақларда 2 226 адам, көтерилисшилер қадағалаўы астындағы Сирияның арқа-батыс аймақларында болса 4 521 адам қайтыс болды.
6-февраль күни Түркия-Сирия шегарасында жүз берген 7,8 магнитудалы жер силкиниўи нәтийжесинде он мыңлаған адамлар жарақатланып, емлеўханаларда қалмақта. Қыста көп пуқаралар турақ жайсыз қалып, инсаныйлық жәрдемине мүтәж болып қалған.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматы бойынша, тәбийғый апаттан 23 миллионға шамалас адам жәбирленген. Тәбийғый апат бойынша экспертлер жер силкиниўден көрилген экономикалық зыянды 20 миллиард доллардан (18,8 миллиард евро) аслам деп есапламакта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги