Самара областы думасының депутаты президенттиң шығып сөйлеген сөзин қулағында лағман менен тыңлады.
Россия Федерациясы Коммунистлик партиясынан (РФКП) Самара областы думасының депутаты Михаил Абдалкин Россия президенти Владимир Путинниң Федераллық мәжилиске усынған мүрәжатын тамашалап атырған ўақытта қулағына лағман тағып алды. Бул ҳаққындағы видео ҳәм фотосүўретти социаллық тармаққа жайластырды.
«Самара губерниясы думасы баслығының орынбасары М.Ю.Антимонованың өтинишине бола президенттиң еки саатлық мүрәжатын тыңладым. Толық қоллап-қуўатлайман, толық қосыламан, шығып сөйлеген сөзи әжайып. Мен кейинги 23 жыл ишинде бундай нәрселерди еситпегенмен. Тән қалдым», деп жазды ол.
Қулаққа лағман тағыў – XIX әсирде пайда болған фразеологизм, әдетте алдаў, өтирик сөйлеў, шалғытыў мәнислерин аңлатады.
Өз гезегинде РФКП баспасөз хаткери Александр Юшченко депутаттың қылығын «ақмақлық» деп атады оннан «өз профессионал жумысына баҳа бериўди» талап етти. Оның сөзлерине бола, «интернетте саналы түрде атаққа ерисиў қуштарлығы» оғада қәўипли болыўы мүмкин ҳәм Абдалкин сайлаўшылардың ҳақыйқый машқалалары менен шуғылланыўы керек.
Юшченконың анықлық киргизиўинше, депутаттың қылығы Самара областы думасының басшылары тәрепинен итибарсыз қалдырылмайды.
Михаил Абдалкин 1988-жылы Новокуйбышевск қаласында туўылған. Самара губерниясы думасының 7-шақырық депутаты, РФКП Новокуйбышевск комитетиниң биринши хаткери, сондай-ақ, Самара областы «Рабочая Ассоциация» кәсиплик аўқамы баслығының орынбасары есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги