Россия Президенти Владимир Путин Қытай Компартиясы Орайлық комитети сыртқы сиясат комиссиясының басшысы Ван И менен ушырасты.
Қытай дипломаты сөйлесиўлер ўақтында ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң қызғын сәлемин жеткерди, делинеди Кремль баспасөз хызметиниң хабарында.
«Россия ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлар үшинши мәмлекетлкерге қарсы қаратылған емес, бирақ олардың басым өткериўине бийпәрўа да болмаймыз», деп баянат берди қытайлы дипломат.
Ван И «еки мәмлекет қатнасықлары халықаралық жәмийетшилик басымына шыдам берип келмекте ҳәм турақлы раўажланыўда даўам етеди», деп атап өтти.
Қытай бас дипломаты «Москва менен стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеўге таяр», деди.
Путин «Биз ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң бурын келискениндей Россияға келиўин күтпектемиз», деди.
«Россия-Қытай қатнасықлары режелестирилгениндей раўажланбақта, биз жаңа шеклерди қолға киргизбектемиз», деп сөзин даўам еттирди.
Россия жетекшиси «дүньядағы ҳәзирги қурамалы дәўирде, Қытайдың бирге ислесиўи ушын миннетдаршылық билдирди».
Халықаралық жағдайды турақластырыў ушын Россия менен Қытайдың бирге ислесиўи жүдә әҳмийетли, деп қосымша етти Путин.
ӨзА