МҒКАда өткерилген брифингте Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының басқарма баслығы Жўрабек Ҳожиевтиң мәлим етиўинше, өткен жылы қорға халықаралық финанс институтлары тәрепинен 12,9 млн.доллар ҳәм 6,5 млн.евро қаржы тартылған.

Атап айтқанда, Жәҳән банкинен 10 млн.доллар муғдарында 1-транш қаржылары, Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорынан 2,9 млн. доллар ҳәм Франция раўажланыў агентлигинен 6,5 млн.евро тартылған.

Өткен жыл даўамында Қордың қаржылай жәрдемлеринен пайдаланып келген ең белсенди коммерциялық банки, аймақ ҳәм тараў анықланды.

Таллаў нәтийжелерине бола, кепиллик бойынша Агробанк, компенсация бойынша Миллий банк қаржылай жәрдемлерден ең көп пайдаланған. Аймақлар кесиминде кепиллик бойынша Қарақалпақстан Республикасы, компенсация бойынша болса Сурхандәрья ўәлаяты жетекшилик етпекте. Тараўлар кесиминде болса хызметлер тараўы ең жоқары көрсеткишти ийелеп тур. Онда, кепиллик 400 млрд.сумды, компенсация дерлик 216 млрд.сумды қураған. Кепиллик бойынша болса 1 192 млрд.сум миннетлеме алынған болып, жәми 10 330 млрд.сумға жеткен. Алынған жәми кепиллик миннетлемеси бойынша 25,3 млрд.сум төлеп берилген.

Ш.Маматуропова, ӨзА