Германияда наўқас АИВ инфекциясынан пүткиллей тәўир болды. 53 жасар наўқасқа тамыр клеткалары трансплантациясы әмелге асырылған. Изертлеўшилер оның денесинде ҳәзирги ўақытта вирус жоқлығын жәриялады.
Ер адам төрт жыл алдын АИВға қарсы дәри-дәрмақларды қабыллаўды тоқтатқан. Бул узақ мүддетли ремиссия емес, ал ҳақыйқатында да емлениў болып есапланады.
Бул дүньяда тастыйықланған бесинши жағдай. Барлық емленген наўқасларға қан рагин емлеў ушын тамыр клеткалары трансплантациясы өткерилген. Олардың донорлары АИВқа шыдамлы генетикалық мутацияға ийе болып, ол дүнья халқының тек ғана 1 процентинде бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги