Австралияда жергиликли халық балық жаўынының гүўасы болды, деп хабар берди Daily Mail.
Танами шөлинде жасаўшылардың айтыўынша, тәбият ҳәдийсеси оларды таң қалдырған. Жаўын басланыўы менен аспаннан жаўын тамшыларына қосылып тири балықлар да жаўыўды баслаған.
«Балалар балықларды терип, суў толы банкаларға салып қойды»,-деди гүўалардан бири.
Қәнигелердиң айтыўларынша, балық жаўыны дәрья ҳәм көллер арқалы торнадо ямаса смерч өтиўи нәтийжесинде пайда болған. Күшли ҳаўа ағымы балықларды саў бассейнлеринен сорып алады, соң басқа бир орынға ылақтырып таслайды.
Ақырғы мәрте бундай сийрек гезелесетуғын тәбият ҳәдийсеси (балық жаўыны) Австралияда 2010-жылдың март айында жүз берген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги