Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебинде қала ҳәм районлардағы спорт  мектеплеринде жумыс ислейтуғын 25 жастан үлкен жастағы оқытыўшы хызметкерлер арасында спорттың «қол тобы» түри бойынша Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары денетәрбия ҳәм спорт-саўалландырыў жумыслары басқармасының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен өткерилген жарыста ерлер ҳәм ҳаял-қызлардан ибарат 25 команда өз-ара беллести.

-Белгили бир жумыс орнында ислейтуғын хызметкер күнделикли түрде спорт пенен шуғылланса, оның жумысында да нәтийже болады, -дейди Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Жеңисбай Аяпов. – Хызметкерлердиң спортқа қызығыўшылығын және де арттырыў, оларды спорт жарысларына қамтып алыў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде комитетимиз тәрепинен «Спорт-саламатлық гиреўи», «Биз спортшы шаңарақпыз», «Биз спортшы қызлармыз» спартакиадалары, киши футбол, волейбол, шахмат, шашка спорт жарыслары өткерилип келинбекте.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста ер адамлар арасында биринши орынды Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң, екинши орынды Нөкис районы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң, үшинши орынды Тахтакөпир районы  Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командалары ийеледи. Ал, ҳаял-қызлар арасында бириншилик Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебине, екинши орын Мойнақ Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби ҳәм үшинши орын Хожели Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командаларына несип етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазларға Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги