Израилдың «Meto Motion» стартапы жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши помидор жыйнаў роботын ислеп шықты. Үскене зүрәәтти жыйнаў ушын жумсалатуғын мийнеттиң муғдарын, шама менен, 90 процент, өндирис қәрежетин 50 процентке шекем азайтыўы мүмкин.
Мийўе ҳәм овощ теримшилери менен байланыслы глобал кризис израиллы ойлап табыўшы Ади Нирди дүньядағы биринши помидор теретуғын роботты жаратыўға ийтермеледи. Қурылма 3G сенсорлы қурыў технологиясы менен үскенеленген болып, өсимликти ҳәм зүрәәтти картаға түсиреди. Алдыңғы көриў системасы пискен помидорды анықлайды ҳәм манипуляторды керекли орынға қаратады.
Бир ҳәрекетте помидор шақаларын кесип, услайды ҳәм мийўени конвейерге жайластырады. Робот өним жыйнаў ушын ыссыхана әтирапында ҳәрекетленгенде ҳәр бир помидордың жағдайы, муғдары, салмағы ҳәм көлеми ҳаққында мәлимлеме береди. Бул мағлыўматтан пайдаланып, териў ўақытын шамалаў мүмкин.
ӨзА