Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-март күни Көксарай резиденциясында «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасында Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги Ташкент халықаралық конференциясына қатнасыў ушын әмелий сапар менен елимизге келген Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Муҳаммад Ашраф Ғаниди қабыл етти.

Ушырасыўда еллеримиз арасындағы жақын қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, саўда, транспорт ҳәм энергетика тараўларындағы жойбарларды, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да бағдарлардағы бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

Президент Муҳаммад Ашраф Ғани еллеримиздиң Аўғанстан бойынша Ташкент халықаралық конференциясын өткериўге байланыслы бирликтеги басламасын жүзеге шығарыўға қаратылған ҳәрекетлер ушын Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен миннетдаршылық билдирди, өз-ара пайдалы бағдарлар бойынша бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.

ӨзА