9-10-февраль күнлери Нөкис қаласында миллий гүрес бойынша ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.
Оған республикамыздың барлық аймақларынан спортшылар қатнасты.
Жарыс халықаралық гүрес қағыйдаларына муўапық өткерилип, беллесиўлер тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.
Чемпионат жуўмағында 60 кг салмақта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан Бабур Саидов биринши, ҚМУ дан Абдулазиз Өмирбеков екинши, Нөкис қаласы ҳәм Тақыятас районынан Бекмурза Қалбаев ҳәм Орынбай Оразымбетовлар үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.
66 кг салмақта Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжинен Сардар Ағабаев ҳәм Шухрат Қылышбаевлар биринши, екинши орынларды, Кегейли районынан Азизбек Генжебаев ҳәм НМПИ студенти Рустем Есбергеновлар үшинши, 73 кг салмақта қоңыратлы Мағжан Нурышов биринши , НМПИ студенти Махкамбек Базарбаев екинши, әмиўдәрьялы Жорабек Ешмуратов ҳәм нөкисли Нурбек Юлдашевлар үшинши орынларды жеңип алды.
Ал, 81 кг салмақта нөкисли Санжар Шеримбетов, 90 кг да әмиўдәрьялы Самир Назирбаев, 100 кг да ҚМУ дан Миратдин Асанов, ең аўыр +100 кг салмақта ақмаңғытлы Заҳиритдин Зайтовлар Қарақалпақстан чемпионы атағын алыўға еристи.
Ҳаял-қызлар арасында болса, 48 кг салмақта ақмаңғытлы Гөззал Машенова, 52 кг да хожелиши Умида Джуманиязова, 57 кг да нөкисли Гүлзабийра Тилеўимбетова, 63 кг да Нөкис олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжинен Динара Орынбаева, 70-78+87 кг салмақларда нөкисли Азада Медетбаева, Асал Жалғасбаева, Тумарис Хабипова, 87 кг да мойнақлы Сабрина Узақбаевалар алтын медал ийесине айланды.
Бириншилик соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм медаллар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы