Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында уллы шайыр  Әлийшер Наўайы туўылғанының 582 жыллығы ҳәм шайыр, мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығына бағышланған илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажда «Әлийшер Наўайы даналығының қазақ тилине аўдарылыўы», «Бабур дөретиўшилигинде суфизм идеялары», «Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилигиниң сырт еллерде үйренилиўи» темаларында баянатлар тыңланып, уллы бабаларымыздың бийбаҳа әдебий мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Буннан соң өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студенти Д.Исмайлова Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги  ҳаққында инглиз тилинде кең түрде мағлыўмат берди.

Илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған әдебий кеше менен даўам етти. Арнаўлы мониторда уллы шайырлардың өмири ҳәм дөретиўшилиги сәўлеленген видеороликлер қойып берилди.

Илаж даўамында мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған сахналық көринислер көрсетилип, Әлийшер Наўайы ғәзеллеринен үлгилер оқылды. Студент-жаслар тәрепинен Наўайы ҳәм Бабур ҳаққында қосықлар оқылып, мушаира шөлкемлестирилди.

– Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққындағы мағлыўматлар Европа әдебиятында XVI-XVII әсирлерден пайда бола баслаған. 1841-жылы француз шығыстаныўшысы М.Катремер оның бир қатар шығырмаларын баспадан шығарады. Россияда М.Никитский дәслеп Әлийшер Наўайы бойынша магистрлик диссертациясын жақлайды. Ол Наўайы мийрасын «әдебият гүлзарының өзгеше гүли» деп баҳалайды, -дейди институттың өзбек әдебияты кафедрасы доценти Н.Алламбергенова. – Ал, шайырдың шығармаларын қарақалпақ тилине М.Дәрибаев, Ж.Аймурзаев, Н.Жапақов ҳәм басқа да шайырлар менен илимпазлар шеберлик пенен аўдарған. Бул процесс ҳәзирги ўақытта да даўам етпекте. Қоңсы түркмен халқы әдебиятында Наўайы дөретиўшилигин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында Б.Гарриев, М.Кусаев, Р.Реджепов, А.Мамедовлардың хызмети үлкен болған.





Қарақалпақстан хабар агентлиги