Быйыл уллы шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер, өзбек әдебиятының раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосқан Мир Әлийшер Наўайының туўылғанына 582,  Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 540 жыл толады.

Усы мүнәсибет пенен 6-12-февраль күнлери пүткил елимиз бойлап  Наўайы ҳәм Бабур ҳәптелиги кең түрде өткерилмекте.

Бул уллы тулғалардың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Еки уллы тулға» атамасындағы көркем-әдебий кеше Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де болып өтти.

Кешеде мектеп директоры Ж.Алиева,  өзбек тили пәни муғаллими Т.Қутлымуратовалар шығып сөйлеп,  Наўайы ҳәм Бабурдың өмири, дөретиўшилиги, дүнья әдебиятында тутқан орны, келешек әўладларға қалдырған бийбаҳа мийраслары ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде айтып берди.

Соңынан Наўайы ҳәм Бабур дөретпелери бойынша оқыўшылар арасында ғәззел айтыў, сүўрет салыў бойынша таңлаў өткерилип, онда қатнасыўшылардың уқып ҳәм зийреклиги төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды ҳәм жеңимпазлар мүнәсип түрде хошаметленди.

-Мен кишкенелигимнен әдебиятқа қызығаман ҳәм өзим де қосықлар дөретемен,-дейди таңлаў қатнасыўшысы Гүлжайна Яқыпбаева.- Бул таңлаў бизлерге айрықша йош берип, өзлеримиздиң билимимизди көрсетиўге жақсы имканият болды. Таңлаўға қатнасқанымнан қуўанышлыман.

Сондай-ақ, кешеде Наўайы ҳәм Бабур дөретпелери тийкарында сахналық көринислер қойылып, бул жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы