Кеше Хожели районындағы  Қолап  аўыл пуқаралар жыйыны халқы үлкен қуўанышқа бөленди. Атап айтатуғын болсақ, өсип киятырған жас әўладтың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын аймақта жаңа балалар бақшасы қурылып халық ийгилигине пайдаланыўға тапсырылды.

90 орынға мөлшерленген бул тәрбия дәргайы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстанға сапары даўамында берген жәрдемине муўапық ажыратылған 3,2 млрд сўмлық қаржы есабынан, «Сантех газ монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилди.

Имараттың ашылыў салтанатында Хожели районы ҳәкими Ж. Ермашев, райондағы сектор басшылары, Президенттиң райондағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Жамалов, нураный аталарымыз ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.



Онда район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм тараў басшылары шығып сөйлеп, аўыл балалары ушын жаратылып атырған бундай қолайлықлар олардың келешектеги өмирине унамлы тәсир ететуғынлығын мақтаныш пенен айтып өтти.

Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары бақшада педагог-тәрбияшылар ҳәм балалар ушын жаратылған шарятлар менен танысты.




Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы