Қоңырат районындағы 10-санлы Есемурат жыраý атындағы Балалар көркем өнер хәм музыка мектебинде Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң депутатлары, секретариат хызметкерлери ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының билимин арттырыўға бағышланған «Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатнамасының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳәм ондағы белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда ўәкилликли уйымлардың роли» атамасында оқыў-семинары болып өтти.
Оған районлық Кеңес депутатлары, секретариат хызметкерлери, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Оқыў семинардың бағдарламасына муўапық жуўаплы хызметкерлер, әдиллик бөлими, мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими қәнигелери тәрепинен Мүрәжаттағы белгиленген баслы ўазыйпалар, депутатлардың нызамлы ҳуқықлары менен ўәкилликлери, олардың ғалаба хабар қураллары менен ислесиў усыллары, пуқаралар жыйынларында атқарыў тәртиби ҳәм ҳүжжетлер менен ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў тәртиби ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Районлық Кеңес депутатлары, секретариат хызметкерлери ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының жуўапкершилигин арттырып, олардың жумысларын буннан былай да жетилистирип барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Семинар соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша сораўлар берип, оларға қәнигелер тәрепинен жуўап берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы