Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 22-март күни Қарақалпақстан Республикасы Туризмди раўажландырыў басқармасы ҳәм Қарақалпақстан хабар агентлигиниң басламасы менен елимиздиң бир топар журналистлери, блоггерлер ҳәм фотографлар Үстирттиң дәл ортасында жайласқан Барсакелмес дуз кәнине, сондай-ақ, «Үстирт әжайыбаты» деп ат шығарған Қоңырат сода заводы ҳәм Үстирт газ-химиялық комплексине медиатур шөлкемлестирди. Төменде Сиз Барсакелмес дуз кәнинен фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин. Мағлыўматларға қарағанда, сүўретлердеги дуз таўы кәннен қазып алынған дузлар болып, өткен жылдың жаз мәўсиминен берли топланған дузлар екен.

_ 

Сүўретлер авторы: Ислам Матеков.