25-январьдан баслап Өзбекстаннан Аўғанстанға элекр энергиясын жеткерип бериў қайта тиклениўи режелестирилмекте.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан аймағында ҳаўа температурасының кескин төменлеўи ақыбетинде ыссылық электр станцияларында жанылғы тәмийнатында пайда болған машқалалар, яғный жанылғы жетиспеўшилиги ҳәм ҳәр қыйлы насазлықлар пайда болғаны, сондай-ақ, республикамыз тутыныўшыларын турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде 14-январьдан Аўғанстанға электр энергиясын жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылған еди. Бул форс-мажор жағдайы ҳаққында Аўғанстан энергетика шөлкеми ескертилген.

ӨзА