Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 20-январь күни мектеплерде шет тиллерин ҳәм кәсип үйретиў системасын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңейтилген мәжилис өткерилди.

Президент Шавкат Мирзиёев халқымызға Мүрәжатында «социаллық мәмлекет» принципине айрықша итибар қаратқан еди. Анық етип айтқанда, «Социаллық мәмлекет бул, бәринен бурын, инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын тең имканиятлар, адамлардың мүнәсип турмыс кешириўине зәрүр шараятлар жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў» деген сөз.

Оған ерисиўдиң тийкары, биринши гезекте, билимлендириў. Соның ушын Мүрәжатта мектеп оқыўшыларын кеминде еки шет тили ҳәм бир кәсип-өнерге үйретиў баслы ўазыйпа етип белгиленген еди.

Кейинги жыллары билимлендириўге, муғаллимлерге итибар артты, жоқары билимлендириўде қабыллаў саны ҳәм бағдарлар көбейди. Бирақ, мектеплердеги сапа еле талап дәрежесине шыққаны жоқ. Мәселен, 11 жыл мектепте оқыған бала шет тилин толық билмейди. Шараят ҳәм қәнигелер жоқлығы себепли жасларды кәсиплерге қызықтырыў орталығы қәлиплеспеген. Мектеп питкериўшилериниң 50 проценти мийнет базарына ҳеш қандай кәсипке ийе болмастан кирип келмекте.

Сонлықтан мәжилисте шет тиллерин оқытыў сапасын арттырыў ҳәм оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў мәселелери додаланды.

– Мектептен кәсип ҳәм тилди билип шыққан бала жәмийетимиздиң үлкен жетискенлиги, билмегени машқала, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул тәжирийбени енгизиў ушын ҳәр бир ўәлаяттан биреўден қала ҳәм екеўден район таңлап алынған. Олардағы 2 мыңнан артық мектеплердиң шараяты, педагоглардың тәжирийбеси, оқыўшылардың кәсип-өнер ҳәм шет тиллерге қызығыўшылығы үйренилген.

Енди район ҳәм мәҳәллелердиң өзгешелигинен келип шығып, оқыўшылар мектептиң өзинде 64 түрли жумысшы кәсиплерге үйретилиўи нәзерде тутылмақта.

Соның ушын ҳәкимликлерге бул таңлап алынған мектеплерде кәсип-өнер устаханаларын шөлкемлестириў, оларды үскенелеў ҳәм зәрүр қураллар менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Оған жаслар жетекшилери ҳәм исбилерменлер де тартылады. Жаслар қорынан қаржылар қаратылады.

– Ҳәзир исбилерменлер, ислеп шығарыўшыларды сол мәселе қыйнап атыр: бос жумыс орны көп, айлығы да жақсы, бирақ уқыбы ҳәм көнликпеси бар жумысшы жоқ. Егер бул система дурыс шөлкемлестирилсе, биздеги демографиялық өсиў менен үлкен нәтийжелерге ерисиўге болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Сондай-ақ, оқыўшыларды мәлимлеме технологиялары ҳәм «креатив индустрия» бойынша заманагөй кәсиплерге үйретиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Шет тиллерин сапалы үйрениў ушын мектеплерде «тил ийеси» болған педагогларды тартыў, Президент мектеплериниң тил үйретиў тәжирийбеси, сабақлық ҳәм бағдарламаларын қолланыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте ўәлаят ҳәкимлери таңланған мектеплер мысалында шет тиллери ҳәм кәсип үйретиўди  раўажландырыўға байланыслы режелер бойынша мәлимлеме берди.

Сондай-ақ, Президент тармақ ҳәм аймақлар басшыларына қыс мәўсиминде халықты энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў бойынша жуўапкершилик ҳәм қадағалаўды күшейтиўи зәрүр екенлигин көрсетип өтти. Исбилермен ҳәм кәрханалар жумысындағы машқалалы мәселелерди шешиўде оларға жақыннан жәрдемлесиў, зәрүр жағдайларда қаржы ресурсларын ажыратыў, азық-аўқат өнимлери баҳаларының тийкарсыз өсиўиниң алдын алыў ҳәм базарларда усынысты көбейтиў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

ӨзА