Елимизде мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, депутатлардың қатнасыўында қабыллаўлар, ушырасыўлар шөлкемлестирилип халықты қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў, олардың мүрәжатларын, пикир-усынысларын тыңлаў, шешимин табыў дәстүрге айланды, десек те болады.

Өткен жылы 12-декабрь күни Беруний районындағы Ў.Жуманиязов мәкан пуқаралар жыйынында жергиликли Кеңес депутаты Л.Хожаниязова менен усындай ушырасыўлардың бири өткерилген еди.

Ушырасыўда бир қатар мүрәжатлар билдирилди. Соның ишинде, аймақ турғынларының электр энергиясындағы үзилислер, күшлениўдиң оғада төмен екенлиги бойынша билдирген мүрәжаты тийисли мәкемелер менен биргеликте үйренип шығылып, шешим табылатуғынлығы мәлим етилип, орынланыўы қадағалаўға алынған еди.

Депутат Л.Хожаниязова усы мүрәжатты районлық электр тармақлары кәрханасының жуўапкер басшыларына мәлим етип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги 408-санлы қарарының орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаў алып барылды.

Жақында барлық шөлкемлестириў жумыслары тамамланып, бул жерде сымағашларды орнатыў жумыслары баслап жиберилди.

– Мәҳәллемизде 200 хожалық бар. Барлығы электр энергиясы менен тәмийинленген. Бирақ, орайлық көшениң бир бөлеги ҳәм және төрт көшеде 100ге шамалас хожалыққа берилип атырған электр энергиясының күшлениўи төмен. Ҳәзирги ўақытта аймағымызда ӨзЛиДеПтен сайланған депутатымыз Л.Хожаниязованың жәрдеми менен усы көшелерге 100 сымағаш орнатылып, электр сымлары тартылмақта. Бул ушын шын кеўилден миннетдармыз,-дейди пуқаралар жыйыны ақсақалы Э.Базарбаев.

Жумыслар басқышпа-басқыш даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.