Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Нөкис қалалық бөлими тәрепинен ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде жоқ етилиўи белгиленген материаллық өнимлер, атап айтқанда, сапасы кепилленбеген Мәмлекетлик бажыхана уйымлары тәрепинен алып қойылған 108,5 миллион сумлық 114 түрдеги 130 дан аслам медицина әсбап-үскенелери экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, сатираниялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимлери ҳәм басқа да тийисли шөкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында белгиленген тәртипте жоқ етилди.

Орынлаў ҳүжжети болса әмелде орынланып, Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының тийисли статьясына тийкарланып жуўмақланды.

МОБ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының мағлыўматына қарағанда, өткен жылы жоқ етиў менен байланыслы 295 ҳүжжет келип түскен. Олардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде алкоголь, темеки сыяқлы өнимлер жоқ етилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.