Алдаўшылық инсанның исениминен пайдаланыў арқалы әмелге асырылатуғын ҳәм адамлар, компаниялар арасында жүз бериўи мүмкин болған қәўипли жынаят болып есапланады.
Елимизде бул жынаят соңғы жыллары көбейип атырғаны сыр емес. Мәлимлеме технологияларының раўажланыўы, онлайн хызметлердиң көбейиўи менен есап бетинен, пластикалық картадан алдаў жолы менен пул урлаў жағдайлары ушыраспақта.
Алдаўшылыққа қарсы гүресиў, оның алдын алыў мақсетинде Шоманай районы Әдиллик ҳәм ишки ислер бөлимлериниң арнаўлы режеси ислеп шығылды. Усы режеге бола, Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйынында бул мәселелер бойынша халыққа түсиник жумыслары алып барылды. Онда Әдиллик бөлиминен, Юридикалық хызмет көрсетиў орайынан, Халық қабыллаўханасынан ўәкиллер қатнасып, жыйын турғынларына онлайн төлемлерден пайдаланыўда сақ болыў, алданып қалмаў ҳаққында түсиниклер берилди.
Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.