Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Инвестиция, санаат ҳәм экспорт мәселелерине арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барған мәжилисте инвестиция бағдарламасына киргизилген жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўи, тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў бойынша белгиленген режелердиң орынланыўы, экспорт прогнозының орынланыўы мәселелери қарап шығылды.

Атап өтилгениндей, республикамыз экономикасын беккемлеў, экспорт потенциалын асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм пуқаралардың дәраматын арттырыўда жаңа инвестициялық жойбарлардың иске түсирилиўи айрықша әҳмийетке ийе. Илажда айырым орынларда жаңа жойбарлардың иске түсирилиўи ҳәм инвестициялық қаржылардың өзлестирилиўиндеги артта қалыўшылық жағдайларының ушырасып атырғанлығы, сондай-ақ, айырым банк басшылары тәрепинен исбилерменлер алдында бюрократиялық тосықларды пайда етип атырғанлығы қатаң сынға алынды ҳәм бул жағдайларды сапластырыў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине анық тапсырмалар берилди.

Бүгинги күнде қала ҳәм районлардың қәнигелесиўинен келип шыққан ҳалда ҳәр бир аймақтың драйвер тараўлары белгилеп берилген. Бирақ, айырым қала ҳәм районлар тәрепинен 2023-жылда иске түсирилетуғын жойбарлардың дизими ислеп шығылғанда драйвер тараўлар бойынша жойбарлар жайластырылмаған.

Президентимиздиң басшылығында усы жыл 10-январь күнги өткерилген видео-селектор мәжилисинде быйылғы жылы санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин өткен жылға салыстырғанда 112 процентке арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул тапсырмаларды орынлаўда аймақларда ҳәрекеттеги санаат кәрханларын толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў, олардың қуўатлықларынан дурыс пайдаланыў ҳәм жаңа жойбарлар үстинде жумыс алып барыў талап етиледи. Белгиленген ўазыйпалар ҳәм әмелге асырылыўы тийис жумысларды орынлаўда жол қойған кемшиликлери ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Шымбай районлары ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслықлары интизамий жазаға тартылды.

Сондай-ақ, Қанлыкөл, Тақыятас, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районы ҳәкимлериниң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслықларының жумысларын қарап шығыў, зәрүр жағдайда интизамий жазаға тартыў бойынша тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, инвестициялық жойбарларға кредит қаржыларын ажыратыўда ҳәм басқа да бир қатар кемшиликлерге жол қойғаны ушын Халық банки Қарақалпақстан Республикасы филиалы, Санаат қурылыс банки Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслықларын интизамий жазаға тартыў мәселесин көрип шығыў бойынша да тапсырмалар берилди.

Илаж жуўмағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары, пәрман ҳәм нормативлик ҳүжжетлерде көрсетилген ўазыйпаларды орынлаўды тәмийинлеў бойынша режелер белгилеп алынды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги