Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-декабрь күнги “Өзбекстан Рспубликасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнин байрамлаўға таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында”ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

-Байрам қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң қәнигели шыпакерлери менен биргеликте Арқа-батыс әскерий округинде ҳәм Нөкис районындағы әскерий бөлиминде әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары   заманагөй диагностика ҳәм емлеў-медицина үскенелеринен пайдаланған ҳалда тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди,-дейди “Соғлом авлод учун” қайырқомлық фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры Оразгул Ембергенова.-Атап айтқанда, 132 туўыў жасындағы ҳаяллар, 70 жас бала, 26 өспирим, жәми 228 әскерий хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзасына медициналық хызмет көрсетилди. Соның менен бирге, медициналық тексериўден өтиўдиң әҳмийети, ана ҳәм бала саламатлығы, жақын ағайинлер арасындағы ҳәм ерте некениң унамсыз ақыбетлери, ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығы ҳәм басқа да темаларда сәўбетлесиўлер алып барылып, бул бойынша буклетлер тарқатылды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.