Кегейли районында газ тәмийнаты жетип бармайтуғын аймақларда ҳәзирги аязлы күнлерде халықты суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў жумыслары нәтийжели әмелге асырылмақта.

Кегейли районы прокуроры И.Абдуллаев район орайынан ең шетте жайласқан Кɵкɵзек аўыл пуқаралар жыйынының халқы менен ушырасып, сәўбетлести.

Ушырасыў даўамында  усындай сынақлы қүнлерде хожалықларды суйылттырылған газ баллонлар менен тәмийинлеў ислери турақлы түрде әмелге асырылатуғынлығын түсиндирилип, сол жердиң ɵзинде аўыл халқына 108 дана суйылттырылған газ баллонлары тарқатылып берилди.

Сондай-ақ, район прокуроры Гүжимтерек мәкан пуқаралар жыйынында да болып , халықтың ишимлик суў мәселесиндеги машқаласы тийисли тараў басшылары менен жақыннан  үйренилди ҳәм машқаланы сапластырыў илажлары алып барылды.

Соның менен бирге, район прокуроры И.Абдуллаев Кегейли районлық Халық билимлендириў бɵлиминиң баслығы Қ.Бекимбетов пенен биргеликте район аймағында үй шараятында тәлим-тәрбия алып атырған оқыўшылардың шаңарақларынан хабар алып,  олардың ата-аналары, устазлары менен сөйлести. Ушырасыў даўамында бул оқыўшылардың тыянақлы билим алыўы ушын оғада зәрүрли болған жаңа заманагɵй оқыў инвентарлары, әдебий китаплар ҳәм оқыў қураллары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.