Қәнигелердиң пикирине қарағанда, тоғайлардың қандай әҳмийетке ийе екенин билиў ушын соңғы ўақытлары республикамызда тез-тезден жүз берип атырған қум ҳәм дуз боранларын еслеўдиң өзи жеткиликли.

Қарақалпақстан Республикасының тоғай фонды жерлери 6 миллион 602 мың 575,9 гектар болып, соннан 1 миллион 111 мың 562,7 гектары тоғайларды қурайды.

Республикамыз аймағында 11 мәмлекетлик тоғай хожалығы, 2 мәмлекетлик тоғай аң аўлаў хожалығы, 2 қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы, 1 арнаўлы мәмлекетлик тоғай хожалығы, 1 миллий тәбият бағы жумыс алып бармақта. Оларда 829 хызметкер турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Тийкарғы бөлеги шөл аймағынан ибарат ҳәм қурғақшылыққа бейим болған елимизде тоғайларды сақлап қалыў, жаңа тоғай майданларын шөлкемлестириў есабынан оларды кеңейтиў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси болып келмекте. Хош, тараў ўәкиллери бул бағдарда қандай жумысларды әмелге асырмақта!

Өткен жылдың 23-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде Арал теңизиниң қурып қалған ултанын барып көрди. Шавкат Мирзиёев 2018-жылы Мойнаққа сапары ўақтында илимпазлар менен мәсләҳәтлесип, ол жерде шорға шыдамлы өсимликлер егиў ўазыйпасын берген еди. Сапар даўамында экологлар ҳәм тоғай хожалығы қәнигелери менен сәўбетлести. Шавкат Мирзиёев Арал теңизиниң қурып қалған ултанында тоғайлар шөлкемлестириўдеги қаҳарманлық мийнети ҳәм жоқары нәтийжелери ушын бир қатар уйымлар қатарында Тоғай хожалығы комитети хызметкерлерине де миннетдаршылық билдирди. Президентимиздиң усы сапарында берген тапсырмалары ҳәм ҳүкимет қарарларына бола, 2018-2022-жылларда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Атап өтетуғын болсақ, Арал теңизиниң қурып қалған ултанының 1 миллион 292 мың гектар майданында жер таярлаў жумыслары алып барылып, 2018-жылдан берли Аралқумда 1 миллион 628 мың гектар тоғайлық жаратылған. Бүгинги күнге шекем 6 мың 404 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары жыйналған ҳәм егилген. Нәтийжеде 1 миллион 551 мың гектар майданда туқымнан ҳәм 73 мың гектар майданда нәлден «жасыл қапламалы» тоғайлықлар шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында тоғай хожалығы системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 120 мың гектарға шамалас, сондай-ақ,  Арал теңизиниң қурып қалған ултанында 116 мың гектар майданда мәдений тоғайлықлар шөлкемлестирилди. Суўғарылатуғын аўыл хожалығы егинлерин самал эрозиясынан қорғаў мақсетинде атыз шетлерине 250 гектар жерде (ихота) самал тәсиринде жерлердиң дегредацияға ушыраўының алдын алыў бойынша қорғаўшы терекзарлар ҳәм 100 гектар жерде тез өсетуғын терек түрлеринен плантациялар шөлкемлестирилип, нәллер егилди ҳәм бүгинги күнде оларды тәрбиялаў жумыслары алып барылмақта.

Бул бағдардағы жумыслар келеси жылларда да системалы түрде әмелге асырылыўы белгиленген. Атап айтқанда, Арал теңизиниң қурыған ултанында 2023-2026-жылларда және 400 мың гектар майданда «жасыл қапламалы» тоғайлықлар жаратылады.

Швейцарияның Цюрих қаласында жайласқан «Growther Lab» илимий изертлеў орайының изертлеўлерине қарағанда, планетамызда климат өзгериўиниң алдын алыў ушын жаңа терек ҳәм тоғай майданларын кескин көбейтиў керек. Жер жүзинде жасап атырған халыққа 4,4 миллиард гектар тереклик талап етилетуғын болса, бүгинги күнде планетамызда тек 2,8 миллиард гектар тоғайлықлар бар.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.