Қарақалпақстан Республикасы прокуроры  Эркабай Таджиев Төрткүл районына барып, аймақ халқының қыс мәўсимин қалай өткерип атырғаны менен жақыннан танысты.

Атап айтқанда, Уллыбағ аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан халыққа суйылттырылған газ баллон ҳәм көмир тарқатыў шақапшасының жумысы менен танысып, тутыныўшыларға газ баллон ҳәм көмирди үзиликсиз жеткерип бериў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

«Меҳир ҳәрекети» жойбары шеңберинде  «Сақаўат ҳәм көмек»  фонды ҳәм  қәўендерлер есабынан  социаллық қорғаўға мүтәж 427 шаңараққа 30 тонна көмир, 129 суйылттырылған газ баллон, азық-аўқат өнимлери тарқатып берилди.

Сондай-ақ, Көкше, Пахтаабад, Жамбасқала ҳәм Қумбасқан аўылларындағы 48 жәрдемге мүтәж шаңарақларға 28 газ плита, 28 ысытыў печкасы, 7 түрдеги 327 дана ыссы кийим-кеншеклер, жеке тәртипте үйлеринде билим алып атырған 12 оқыўшыға оқыў қураллары, әдебий китаплар, парта ҳәм жазыў тахталары саўға етилди.

Соның менен бирге, денсаўлығында машқаласы бар 51 пуқараның 36 сына амбулатор шараятта 22 түрдеги дәри-дәрмақлар алып берилип, 4 еўи емлеўханаға жатқарылды. Жетеўине ордер, майыплықты белгилеў бойынша зәрүрли медициналық жәрдемлер көрсетилди.

Буннан тысқары, районда мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилип, 41 пуқараға жумысқа орналасыў бойынша жолламалар берилди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.