Халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў мәселеси елимизде турақлы итибарда болып келмекте.

Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте жумыссыз алимент төлеўши пуқаралар ушын мийнет ярмаркасы өткерилди.

Бос жумыс орынлары ярмаркасында Нөкис қаласында жайласқан 50 ден аслам кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлериниң 96 бос жумыс орны менен қатнасып, жумыс излеп келген пуқараларға вакант орынлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

20 жумыссыз пуқара ҳәр қыйлы кәрханаларда жумыс баслаў ушын дәслепки ҳүжжетлерин тапсырып, кәрханалардың жуўапкер хызметкерлери тәрепинен 15 пуқараға тийисли жолламалар берилди.

– Ярмаркада қәнигелигим бойынша өзиме унаған жумыс орнын таптым, – дейди Қалбай Махмудов. – 2 қәнигелик бойынша жоқары мағлыўматлы болыўыма қарамастан еки жылдан берли жумыссыз едим. Жумыссыз болғаным ушын алиментти көп муғдарда төлеўге мәжбүр болып, ўақтында төлеўге айырым ўақытлары имканиятым жетпейтуғын еди. Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт унверситети Нөкис филиалына бас қәниге лаўазымына жумысқа орналасып атырман. Енди айлық мийнет ҳақымның 25 проценти муғдарында алимент төлеймен.

Мийнет ярмаркасы шеңберинде жумыссыз пуқаралардың тәжирийбеси, билими, қәлеўи ҳәм имканиятынан келип шыққан ҳалда оларға  ҳәр қыйлы кәрханалардың бос жумыс орынлары усыныс етилди.

– Бизлердиң кәрханамыз тийкарынан саўда-сатық пенен  шуғылланады, -дейди «Капитал партнёр» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бухгалтери Назийра Тәңирбергенова. – Жақында жәмийетимиз тәрепинен пайтахтымыз аймағында ыссыхана шөлкемлестирилип, ыссыханаға жумысқа пуқараларымызды мирәт етиў ушын ярмаркаға қатнастық. 10 бос жумыс орны менен келген болсақ, 4 пуқара менен жумысқа орналасыў ушын шәртнама дүздик. Жумысшыларымыз жыл даўамында турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.