Ҳәр бир жумыс орнында жумысшыхызметкерлердиң айлық мийнет ҳақыларын өз ўақтында есаплаў жумыс нәтийжелилигин арттырыўда, хызметкерлерди мүнәсип хошаметлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ, мүлкшилик түриниң барлық орынларында да бул нормаға жетерли дәрежеде итибар берилмейди.

Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымлары тәрепинен жумыс орнындағы мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди өндириў ҳаққындағы ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў турақлы қадағалаўға алынған.

Атап айтқанда, МОБ Төрткүл районы бөлими усындай ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде алып барылған мәжбүрий ҳәрекетлер даўамында Төрткүл районы ҳәкимлигинде мийнет етиўши 54 пуқараның ҳуқықлары тикленди.  Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының Төрткүл районлық МОБ ға жиберген буйрығында оларға төленбеген мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер бойынша 13 миллион 437,5 мың сум муғдарында қарыздарлық өндирип берилиўи көрсетилген. Алып барылған ҳәрекетлер даўамында мийнет ҳақы қарыздарлығы даўагерлерге ҳәкимликтен өндирип берилиўи тәмийинленди.

Бюроның қалалық ҳәм районлық бөлимлеринде де мийнеткешлердиң мийнет ҳақыларын өндирип бериўге байланыслы орынлаў ҳәрекетлери даўам етпекте.     

Қарақалпақстан хабар агентлиги.