Нызамшылыққа бола, бағыўшысын жоғалтқан көп балалы шаңарақлар физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығынан азат етиледи.

Ата-анасынан бири ямаса ата-анасы қайтыс болған сондай-ақ, шаңарақта он сегиз жасқа толмаған төрт ҳәм оннан артық балалары болған шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жоғалтқан көп балалы шаңарақлар болып табылады.

Бул жеңиллик Бюджеттен тысқары пенсия қоры район (қала)лық бөлиминиң мағлыўматнамасы тийкарында бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги