Президент Шавкат Мирзиёев 19-январь күни энергия тәмийнатын жақсылаў мәселелери бойынша мәжилис өткерди ҳәм гидроэнергетика тармағындағы режелер менен танысты.

 Мәмлекетимизде энергетика системасын раўажландырыўда барлық дәреклерден пайдаланылмақта. Ҳәзирги қуўатлықларды беккемлеў менен бирге қуяш, самал ҳәм гидроэлектр объектлери қурылмақта.

Атап айтқанда, кейинги жыллары гидроэнергетика бағдарында 500 миллион долларлық  27 жойбар әмелге асырылып, қосымша 260 мегаваттлы қуўатлықлар жаратылды. «Өзбекгидроэнерго» системасындағы станциялардың улыўма қуўатлылығы 2 мегаваттдан асты. Бул – жылына 2 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленбекте, деген сөз.

Усы жылы 197 мегаваттлы 7 жойбар ҳәм 10 микро гидроэлектр станцияның иске қосылыўы режелестирилген. Және 438 мегаваттлы 8 перспективалы жойбар ҳәм 50 микро ГЭС қурыў бойынша жумыслар басланады.

Мәмлекетимиз басшысы гидроэнергетикада  потенциалдың жоқары екенлигин атап өтип, қуўатлықларды кескин арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Бул бағдарда микро гидроэлектр станциялар қурыў мүмкин болған 250 майдан анықланған. Есап-санақларға бола, келешекте бул объектлерде жылына 675 миллион киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарып, 200 миллион куб метр газди үнемлеў мүмкин.

Микро ГЭСлерден электр энергиясын жоқары баҳаларда сатып алыў жолға қойылғаннан соң, тараўға исбилерменлердиң қызығыўшылығы артты.

Гидроэнергетика объектлери әтирапындағы бос майданларда самал ҳәм қуяшқа бейимлескен гибрид станциялар қурыў бойынша тапсырма берилди. Ол жерлерде таяр инфраструктураның бар екенлиги есабынан қәрежетлер аз болады.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда локализациялаў мәселесине де тоқтап өтти. «Суўсанаатмаш» акционерлик жәмийетинде микро ГЭС үскенелери, Ташкент ўәлаятында гидроагрегатлар ислеп шығарыў бойынша тапсырма берилди.

Суў сақлағышларын басқарыўды санластырыў, кадрлардың маманлығын арттырыў мәселелерине де итибар қаратылды.

Мәжилисте халықты энергия менен турақлы тәмийинлеў илажлары додаланды. Президентимиз барлық резервлерди иске қосыў, жаңа ҳәм келешектеги жойбарларды мүддетинен кешиктирмеген ҳалда әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Энергия жетиспеўшилиги шараятында күнлик өндиристи көбейтиў, ресурсларды әдил ҳәм нәтийжели бөлистирип, орынларға избе-из жеткерип бериў, үзилислерди жеделлик пенен сапластырыў ўазыйпалары белгиленди.

ӨзА