Мүнәсибет

2023-жыл 16-январьда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлардың жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрман менен «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде суд ҳәкимиятының ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў, судлардың жумысларының нәтийжелилигин ҳәм әдил судлаўдың сапасын арттырыў мақсетинде «2023–2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли Стратегиясы» тастыйықланды.

Стратегия шеңберинде «Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў ҳәм оның жумысын халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын нәтийжели қорғаўға бағдарлаў, әдалатлы суд қарарлары қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың суд системасына исенимин беккемлеў, ҳалқымыз суд ҳәм судьялар тымсалында өзиниң исенимли қорғаўшысы екенлигин көриўине ерисиў әдил судлаўды тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли ўазыйпалары етип белгиленбекте. Пуқаралар ҳәм исбилерменлерге нызамлы мәплерин судларда қорғай алыўы ушын барлық имканиятларды жаратыў, суд ислерин жүргизиўде тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў, судлардың қалыслығын әмелде тәмийинлеўге қаратылған нызамшылықты  жетилистириў ўазыйпалары да солардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, судлардың жумысларын толық санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў, мәкемелераралық электрон мағлыўмат алмасыўды жақсылаў, суд мәжилислеринде аралықтан турып қатнасыў имканиятларын кеңейтиў, судьялардың бийғәрезлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейтиў, судқа ҳүрметсизлик етиў ҳәм суд жумысына араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў, суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў, судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде жоқары қарым-қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат еткен ҳәр бир пуқарада судтан, нәтийжеде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў ўазыйпалары да белгиленди.

Сондай-ақ, пәрман менен 2023–2026-жылларға белгиленген қысқа мүддетли стратегияны әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасы да тастыйықланды.

Пәрман менен районлараралық, районлық, қалалық судлар тәрепинен биринши инстанцияда көрилген ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде қайта көрип шығыўды, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция яки кассация тәртибинде көрилген ислерди усы судларда қадағалаў тәртибинде қайта көрип шығыўды, ал қадағалаў  тәртибинде көрилген ислерди Жоқары судтың судлаў коллегияларында қадағалаў тәртибинде қайта көрип шығыўды, жоқары инстанция судлары тәрепинен исти жаңадан көриў ушын төменги инстанция судларына жибериў тәртибин бийкарлап, оларға ис бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў ўазыйпасын жүклеўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары ислеп шығылғанлығы көрсетилген.

Усы пәрман менен судьялардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысына ҳәр қандай араласыў қатаң жазаланатуғыны, судьялардың қәўетерсиз ислеўине мәмлекет тәрепинен барлық шараятлар жаратылыўы белгиленбекте.

Судтың бийғәрезлигин ҳәм судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеўди күшейтиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленди. Атап айтқанда, судқа ҳүрметсизлик етиў жағдайларының алдын алыўдың нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў, буның ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик шараларын күшейтиў ҳәм жынайый жуўапкершиликти белгилеў, суд ислерин шешиўге араласқаны ҳәм суд ҳүжжетин орынламағаны ушын жуўапкершилик шараларын күшейтиў, суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тәсиршең механизмлерди енгизиў, әдил судлаўды әмелге асырыўға араласқанлыққа тийисли ҳәр бир жынаят иси жуўмағы бойынша жәмәәтшиликти ғалаба хабар қураллары арқалы мәжбүрий түрде хабардар етиў тәртибин енгизиў ўазыйпалары белгиленди.

Сондай-ақ, пәрман менен ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда судьялардың жумыслары тийкарсыз жәрияланған жағдайға суд тәрепинен объектив түрде мүнәсибет билдирип барыў, судьялар ҳәм суд ҳәкимиятының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мәселелери бойынша судларға мүрәжат етиўи мүмкиншилигин жаратыў арқалы Өзбекстан Судьялар Ассоциациясына халықтың арасында суд ҳәкимиятының унамлы имиджин қәлиплестириўде белсене қатнасыўын тәмийинлеў усыныс етилмекте.

Мен ойлайман, Президентимиздиң бул пәрманы мәмлекетимизде судлардың ҳақыйқый ғәрезсиз ҳәкимият сыпатында қәлиплесиўинде, бул арқалы пуқараларымыз ҳәм исбилерменлеримиздиң әдил судлаўға болған Конституциялық ҳуқықларының еле де кеңирек тәмийинлениўинде орны гиреўли нызамшылық ҳүжжети болып хызмет етеди.

Еркин Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.