Социаллық тармақларда айырым газ қуйыў шақапшаларында таныс-билислик етип атырғаны ҳәм айырым автотранспортларға метан газ толтырылып атырғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. «Өзтрансгаз» АЖ усы жағдайларға мүнәсибет билдирди.

Атап өтилиўинше, Өзбекстанда ҳаўа-райы температурасының кескин төменлеўи нәтийжесинде тәбийғый газден пайдаланыўдың кескин артып барыўы бақланбақта. Бундай жағдайда халық, социаллық әҳмийетке ийе объектлер ҳәм қазанханаларды тәбийғый газ бенен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде республикамыздағы мүлкшилик түрине қарамастан ҳәр қандай көтере тутыныўшылар, атап айтқанда, газ қуйыў шақапшаларына газ тәмийнаты ўақтынша тоқтатылды.

Бирақ ҳәр бир ўәлаят ҳәкимликлери менен келисилген ҳалда айырым газ қуйыў шақапшалары күнниң белгили бир ўақтында 1 сааттан 3 саатқа шекемги аралықта турақ жай ийелери ширкетлери, электр тәмийнаты кәрханалары, абаданластырыў басқармалары, халыққа пропан толтырылған газ баллонлар жеткерип бериўши шөлкемлердиң автотранспорт қуралларына хызмет көрсетпекте.

Ҳаўа-райы температурасының көтерилип, қолайлы шараят пайда болғаннан соң, республикамыздағы барлық газ қуйыў шақапшалары әдеттеги жумыс тәртибинде ислей баслайды, делинеди «Өзтрансгаз» АЖ мүнәсибетинде.


Қарақалпақстан хабар агентлиги