17-январь күни жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша республикалық арнаўлы комиссиясының билдириўи менен Қарақалпақстан, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың айырым аймақларында транспорт қуралларының ҳәрекет тезлиги саатына 60 километр етип белгиленди. Бул шеклеў қайсы көшелерде әмел етиў ҳаққында мағлыўмат.

Жол ҳәрекетин тәмийинлеў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның 3-санлы билдириўи 2023-жыл 17-январь күни тастыйықланды, деп хабар бермекте ЖҲҚХ баспасөз хызмети.

Усы билдириўдиң 1-қосымшасына муўапық, Қарақалпақстан, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың айырым аймақларында транспорт қуралларының жоқары ҳәрекет тезлиги саатына 60 километр саат етип белгиленди. Атап айтқанда:

Өзбекстан проспекти, Е.Алакөз көшеси, Хожан аўыл киши айланба жолының көшеси, А.Досназаров көшеси, Қарақалпақстан көшеси, И.Кәримов көшеси, М.Жуманазаров көшеси, Хожели гүзары көшеси, Нөкис киши айланба жолы көшеси, Тақыятас гүзары көшесинда транспорт қуралларының жоқары ҳәрекет тезлиги саатына  60 километр етип белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги