Бүгинги аязлы күнлерде, сондай-ақ жанар майдың қытшылығы  себепли  халыққа транспорт хызметин көрсетиў машқала болып турған ҳәзири ўақытта пуқараларымыз халқымызға тән болған бир-биреўге мириўбет ҳәм адамгершиликтиң үлгисин көрсетпекте.

Буның ушын қайырлы баслама, жетерли үгит-нәсият жумыслары алып барылып,   ўақтында хошаметленип барылса, халқымыз бундай қайырқомлық ислерден шетте қалмайды. Себеби, данышпанларымыздың айтқанындай, кимниң ким екени усындай сынаўлы күнлерде билинеди.

Бүгинги күни қала ҳәм район ҳәкимликликлери, министрликлер менен шөлкемлерден, депутатлардан тысқары, жеке пуқараларымызда бундай қайырлы иске мүнәсип үлесин қоспақта. Жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, майыплығы болған шахсларға жәрдем қолын созыў, жетим-жесирлердиң басынан сыйпап, мүриўбет көрсетиў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден бири болып табылады.

Ҳәзирги күнлери бундай ислерге өз үлесип қосып атырған пуқараларымыз қаншадан-қанша дейсиз. Олардың ийгиликли ислери ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кеңнен сәўлелелендирилип барылмақта. Солай да болса, аймақ турғынларының өтинишине бола олардың биреўине тоқтап өтпекшимен.

Нөкис қаласындағы Барлықбай Айбергенов басшылық етип киятырған “Қарақалпак уаз сервис” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине бекитилген 50 ҳәм 75-санлы жөнелисли таксилер усындай сынаўлы күнлерде жолаўшыларға бийпул хызмет көрсетип, халықтың алғысына миясар болмақта. Буның менен шекленип қалмастан, жуўапкершилиги шекленген жәмийети жәмәәти Нөкис қаласындағы “Шымбай гүзары” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың ҳалынан хабар алып, оларға материаллық жәрдем көрсетти.

Халқымыз арасында ийгиликли ислерди алып баратуғын сақый инсанлар қатары көбейе берсин дегимиз келеди. Усындай аўызбиршилик ҳәм бир-биреўди қоллап-қуўатлаў менен сынаўлы күнлерден, әлбетте, шығысып кетемиз.


Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қрақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы