“Меҳир ҳәрекети” шеңберинде Төрткүл районындағы  мүтәж, социаллық қоллап-қуўатлаўға зәрүрлиги бар 510 шаңараққа Мәҳәлле қайыр-сақаўат жәмийетлик қоры жанындағы «Сақаўат ҳәм көмек» фонды қаржылары есабынан азық-аўқатлық затлар ҳәм тутыныў буйымлары жеткерип берилмекте.

Елимизде жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, қыйын күнинде оларға көмекши, қорғаўшы болыў мақсетинде басланған “Меҳир ҳәрекети” басламасы республикамыздың барлық орынларында даўам етип атыр. Халқымызға тән кеңпейилликтиң көриниси болған бул баслама тийкарында социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, бағыўшысынан айырылған ямаса жәрдем бериў зәрүрлиги бар шаңарақлардың ҳалынан хабар алынып, жәрдем берилмекте.

Соның менен бирге, ҳәзирги суўық ҳаўа-райы шараятында барлық шаңарақларға, соның ишинде, ең шетки аймақларға да тәбийғый газ ҳәм электр энергиясын жеткерип бериў бойынша жумыслар системалы түрде даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги