Республикамыз бойлап кеўиллерге меҳир бағышлаў, қыйын шараятта жасап атырған жәрдемге мүтәж шаңарақлардың машқалаларын үйрениў ҳәм әмелий жәрдем бериў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов Нөкис қаласындағы Жаӊабазар мәкан пуқаралар жыйынында Әскерий бөлим хызметкерлери тәрепинен шөлкемлестирилген орынлардағы ысытыў пунктлери ҳәм әскерий дала асханалары, халқымызға ыссы аўқат бөлистирип атырған тараў пидайылары менен ушырасты.  Олардыӊ усындай саўаплы ис ислеп атырғаны ушын өз миннетдаршылығын билдирип,  бүгингидей суўық ҳаўа-райы шараятында пуқараларымыздың жағдайынан хабар алыў, көшеде ҳәм басқа орынларда мийнет етип атырған инсанларға, социаллық қорғаўға мүтәж болғанларға жәрдем қолын созыў бул халқымызға тән ағла пазыйлет екенлигин айтып, олардыӊ жумысларына табыслар тиледи.

Сондай-ақ, аўыр жағдайға түсип қалған шаңарақлардың ҳалынан хабар алыў, олардың мүтәжликлерин үйрениў ҳәм қыс мәўсиминиң бүгингидей аязлы күнлеринде турмыс шараятларын жақсылаўға қәўендерлик жәрдем қолларын созыў мақсетинде мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы социаллық қорғаўға мүтәж 18 шаңарақтан хабар алды. Олардың жасаў шараяты менен танысып, гөш ҳәм азық-аўқат өнимлеринен жәрдем көрсетилди. Аймақ турғынларының машқала ҳәм усыныслары да тыңланып, көтерилген  машқалалардың  айырымлары орынларда  сапластырылған болса, қалғанлары тийисли шөлкемлер менен биргеликте  үйренип шығыў ушын  қадағалаўға  алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги