Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди онлайн тәризде қабыллаў өткерилди.

Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы оннан аслам мүрәжатлары көрип шығылды.

Атап айтқанда, Беруний районындағы Жаңа әсир көшесинде жасаўшы М.К. исмли пуқара Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында көрилип атырған ис бойынша мағлыўмат бериўин сорап мүрәжат етти.

Усы райондағы Бәҳәр көшеси турғыны Ш.С. исмли пуқара Д. Қ. ҳәм оның әкеси  М. Қ.ға 2014-жылы 10500 АҚШ доллары бергенлигин ҳәм усы күнге шекем қайтарып ала алмай жүргенлигин айтып, пулларын өндирип бериўин сорап  мүрәжат етти.


Сондай-ақ, Төрткүл районы, Жамбасқала аўыл пуқаралар жыйыны турғыны С.Т. исмли пуқара Қарақалпақстан Республикасы судының 2021-жыл, 20-майдағы ақлаў ҳукиминиң орынланыўы ҳаққындағы мәселе бойынша арза менен мүрәжат етти.

  • Бүгинги қабыллаў Елликқала, Төрткүл, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районлары турғынлары ушын шөлкемлестирилди. Қабыллаўды онлайн тәризинде өткериўден мақсет, пуқаралардың усы күнлерде узақ жолдан келип қыйналыўының алдын алыў, әўерегершиликлерди болдырмаў, олар ушын қолайлы шараятлар жаратып, орынларда шешилмей атырған машқалаларды үйрениў ҳәм шешимин табыў болып есапланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Керимбаев.


Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги